2 Жылнама 5 bob

Келисим сандығының Ибадатханаға алып келиниўи(2-14). 

1 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған барлық ислерди тамамлағаннан кейин, әкеси Даўыт атаған ҳәмме нәрсени: гүмис, алтын ҳәм басқа затларды әкелип, Қудайдың Ибадатханасының қазналарына қойды.
2 Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды.
3 Ҳәмме израиллылар жетинши айдағы байрам ўақтында патшаның алдына жыйналды.
4 Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, лебийлилер сандықты жерден көтерип алды.
5 Руўханийлер менен лебийлилер Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды.
6 Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети сандықтың алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды.
7 Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды.
8 Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды.
9 Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур.
10 Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Мысырдан шыққанда Жаратқан Ийе бул таўда израиллылар менен келисим дүзген еди.
11 Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шықты. Ол жердеги барлық руўханийлер қайсы топарға тийисли болыўына қарамастан, тазаланыў рәсиминен өткен еди.
12 Барлық лебийли сазенделер: Асаф, Ҳеман, Едутун, олардың уллары ҳәм ағайинлери жуқа ҳасыл зығырдан кийим кийип алған еди. Олар кимбал, арфа ҳәм лира шертип қурбанлық орынның шығыс жағында турған еди. Олардың жанында кәрнай шалатуғын бир жүз жигирма руўханий турды.
13 Кәрнайшылар менен қосықшылар биригип, бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтып, Оны тәрийипледи. Кәрнай, кимбал ҳәм басқа саз әсбапларына қосылып қосықшылар: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңгилик!» – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Сонда бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды.
14 Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Қудайдың Ибадатханасын толтырып турған еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16