2 Жылнама 4 bob

Ибадатханаға тийисли затларды ислеў(1-22). 

1 Сулайман қоладан қурбанлық орын да ислетти. Оның узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ, бийиклиги он шығанақ еди.
2 Кейин қоланы еритип, үлкен ҳаўыз қуйдырды. Оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, бийиклиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди.
3 Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип буғалардың көринислери қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
4 Ҳаўыз он еки буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди.
5 Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Оған үш мың бат суў сыятуғын еди.
6 Сулайман он ләген ислетип, оның бесеўин қубла тәрепке, бесеўин арқа тәрепке қойды. Буларда жандырылатуғын қурбанлықлар жуўылатуғын еди. Ал ҳаўызда руўханийлер жуўынатуғын еди.
7 Сулайман берилген көрсетпелер бойынша он алтын ҳәсте ислетип, олардың бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды.
8 Кейин ол он стол соқтырып, оның бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. Және алтыннан жүз дана қан себетуғын табақ та ислетти.
9 Ол руўханийлер ушын ҳәўли ҳәм үлкен ҳәўли қурдырып, ҳәўлилер ушын қапылар ислетти ҳәм қапыларды қола менен қаплатты.
10 Ҳаўызды Ибадатхананың қубла-шығыс тәрепине қойдырды.
11 Буннан кейин Хурам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хурам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Қудайдың Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
12 еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелигин орап турған еки торлы әшекөй,
13 өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
14 түбелдириклер ҳәм түбелдирик үстине ләгенлер,
15 ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға,
16 күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, шанышқылар. Хурам-Абийдиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын патша Сулайманға ислеп берген ҳәмме буйымлары жылтыратылған қоладан исленди.
17 Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Середа арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
18 Сулайман ислеткен буйымлар соншелли көп болғанлықтан, олар ушын кеткен қоланың өлшеми анықланбады.
19 Сулайман Қудайдың Ибадатханасы ушын төмендеги затларды ислетти: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын, үстинде усынылған нанлар туратуғын столлар,
20 қағыйдаға муўапық, Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда жанып турыўы ушын, сап алтыннан ҳәстелер ҳәм олардың шыралары,
21 сапалы алтыннан исленген гүллер, шыралар ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышлар,
22 сап алтыннан пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, лаўабы кеселер, шоқ салынатуғын ыдыслар. Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ҳәм үлкен бөлмениң қапылары да алтыннан исленди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16