2 Жылнама 35 bob

Иошияның Қутқарылыў байрамын өткериўи(1-19). Иошияның өлими(20-27). 

1 Иошия Ерусалимде Жаратқан Ийениң ҳүрметине Қутқарылыў байрамын нышанлады. Биринши айдың он төртинши күни қурбанлық қозылары шалынды.
2 Иошия руўханийлерди өз хызметлерине қойып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы хызметин орынлаў ушын, оларды жигерлендирди.
3 Ол пүткил Израил халқына тәлим берип келген, Жаратқан Ийеге бағышланған лебийлилерге былай деди: «Мухаддес сандықты Израил патшасы Даўыттың улы Сулайман қурдырған Ибадатханаға қойыңлар. Оны артық ийинлериңизде көтерип жүриўдиң ҳәжети жоқ. Енди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқы Израилға хызмет етиңлер!
4 Израил патшасы Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпелерине муўапық, әўладыңыз ҳәм топарларыңыз бойынша хызметке таярланыңлар.
5 Мухаддес орында туўысқанларыңыз болған халықтың ҳәр бир әўладына лебийлилердиң бир тобы хызмет етиўге таяр турсын.
6 Қурбанлық қозысын сойып, өзлериңизди пәклеңлер ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, қозыларды туўысқанларыңыз ушын тайынлаңлар».
7 Иошия сол жердеги халыққа Қутқарылыў қурбанлығы ушын, майда малдан отыз мың бас тоқлы ҳәм ылақ, ири малдан үш мың бас буға сыйлады. Булардың ҳәммеси патшаның жеке мүлкинен берилген еди.
8 Патшаның ўәзирлери де ықтыярлы түрде халыққа, руўханийлерге ҳәм лебийлилерге қурбанлықлар сыйлады. Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшылары Хилкия, Зехария ҳәм Ехиел де байрамға арнап, руўханийлерге Қутқарылыў қурбанлығы ушын еки мың алты жүз майда мал ҳәм үш жүз ири мал берди.
9 Сондай-ақ, Кенания ҳәм оның туўысқанлары Шемая менен Нетанел, және де лебийлилердиң көсемлери Хашабия, Еиел ҳәм Иозабад байрамда Қутқарылыў қурбанлығына шалыў ушын лебийлилерге бес мың бас майда мал ҳәм бес жүз бас ири мал берди.
10 Хызмет ушын ҳәммеси таяр болғанда, патша буйырғанындай, руўханийлер өз орынларында, ал лебийлилер өз топарлары менен таяр турды.
11 Қурбанлық қозылары сойылып, руўханийлер өзлерине берилген қанды қурбанлық орынға септи. Лебийлилер малларды териден айырды.
12 Олар Муўсаның китабында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге усыныўы ушын, қурбанлыққа жандырылатуғын малларды халықтың ҳәр бир әўладына бөлип берди. Ири малларды да солай иследи.
13 Қағыйда бойынша, Қутқарылыў байрамының қурбанлығын отта қуўырды, мухаддес қурбанлықларды ҳәр түрли қазанларда асып, пүткил халыққа асығыс үлестирди.
14 Кейин лебийлилер өзлери ҳәм руўханийлер ушын аўқат таярлады. Себеби Харонның урпақларынан болған руўханийлер қас қарайғанша жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм малдың майын өртеў менен бәнт еди. Сонлықтан лебийлилер өзлери ҳәм Харонның урпақларынан болған руўханийлер ушын аўқатты кейин таярлады.
15 Асаф урпағынан болған қосықшылар Даўыт, Асаф, Ҳеман ҳәм патшаның ўәлийи Едутунның буйрығы бойынша белгиленген орынларында турды. Дәрўазалардағы дәрўаза қараўылларына өз орынларын таслап кетиўдиң ҳәжети болмады, себеби олардың туўысқанлары болған лебийлилер олар ушын ҳәммесин таяр қылды.
16 Солай етип, сол күни патша Иошияның буйрығына муўапық, Қутқарылыў байрамын өткериў ҳәм Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жандырылатуғын қурбанлықлар бериўге байланыслы Жаратқан Ийеге арналған ҳәмме хызметлер орынланды.
17 Сол күни сол жерде болған барлық израиллылар Қутқарылыў байрамын нышанлады ҳәм оған қоса, жети күн бойы Ашытқысыз нан байрамын байрамлады.
18 Пайғамбар Самуелдиң күнлеринен бери, Израилда Қутқарылыў байрамы бундай етип нышанланбаған еди. Израил патшаларының ҳеш бири де Иошияның нышанлағаны сыяқлы, руўханийлер, лебийлилер, пүткил Яҳуда халқы, сол жердеги израиллылар ҳәм Ерусалим турғынлары менен бирге Қутқарылыў байрамын байрамламаған еди.
19 Усы Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында болып өтти.
20 Бул ўақыялардан соң, Иошия Ибадатхананы тәртипке келтирип болғанда, Мысыр патшасы Нехо урысыў ушын Евфрат дәрьясы бойындағы Каркемиш қаласына келди. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды.
21 Бирақ Нехо Иошияға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: «Ҳәй, Яҳуда патшасы! Мениң менен не жумысың бар? Бүгин саған қарсы емес, ал өзим менен урысатуғын патшалыққа қарсы урысқа шықтым. Қудай маған асығыўды буйырды, Ол мен тәрепте. Сонлықтан Оған қарсы шықпа, болмаса набыт боласаң».
22 Бирақ Иошия Нехо менен урысыўдан ўаз кешпей, кийимлерин өзгертти. Қудайдың Нехо арқалы айтқан сөзлерине де қулақ салмай, Мегиддо ойпатлығында Нехо менен урысқа киристи.
23 Сол жерде садақшылардың оғы патша Иошияға тийип, ол хызметшилерине: «Мени алып кетиңлер, мен аўыр жарақатландым», – деди.
24 Хызметшилери Иошияны арбасынан алды да, басқа арбаға мингизип, Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. Оны ата-бабаларының қәбирине жерледи. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы ол ушын жоқлаў айтып жылады.
25 Еремия пайғамбар Иошияға арнап жоқлаў жырын шығарды. Усы күнге дейин қосықшылар Иошияны жоқлаў жырлары арқалы еске алады. Бул жоқлаўлар Израилда дәстүрге айланып, олар Жоқлаўлар китабына киргизилген.
26 Иошияның басқа ислери, Жаратқан Ийениң Нызамында жазылғанларға сай алып барған ийгиликли ислери,
27 ҳәмме ўақыялар басынан аяғына шекем Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16