2 Жылнама 33 bob

Яҳуда патшасы Менашше(1-20). Яҳуда патшасы Амон(21-25). 

1 Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти.
2 Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3 Әкеси Хизкия қыйратып таслаған сыйыныў орынларын қайта тикледи, Баалларға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашларын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4 Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Атым мәңгиге Ерусалимде болады», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6 Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, дуўаханлық қылды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди көп ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7 Менашше өзи ислеткен ойма бутты Қудайдың Ибадатханасына қойды. Қудай Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8 Егер олар Муўса арқалы берген барлық Нызам, қағыйда ҳәм пәрманларыма байланыслы буйрықларымды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына белгилеп берген жерден қайтадан қуўып шығармайман», – деген еди.
9 Бирақ Менашше Яҳуда халқын ҳәм Ерусалим турғынларын жолдан азғырғаны соншелли, Израил халқы өзиниң алдынан Жаратқан Ийе жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10 Жаратқан Ийе Менашшеге ҳәм оның халқына ескертсе де, олар қулақ салмады.
11 Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға Ассирия патшасының әскербасыларын жиберди. Олар Менашшени тутқынға алды, мурнына ҳалқа өткерип, қола кисен менен кисенледи ҳәм оны Бабилонға алып кетти.
12 Ол азап шегип атырып, Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм ата- бабаларының Қудайы алдында шын жүректен бас ийди.
13 Ол дуўа етти, Жаратқан Ийе де оның дуўасын қабыл етип, жалбарыныўын еситти. Оны және Ерусалимге, өз тахтына қайтарды. Сонда Менашше Жаратқан Ийениң ҳақыйқаттан да Қудай екенин билди.
14 Буннан кейин, Менашше Даўыттың қаласының сыртқы дийўалын бурынғыдан да бийик етип қайта қурды. Бул дийўал ойпатлықтағы Гихон булағының батысынан Офел төбесин айнала өтип, Балық дәрўазасының киреберисине шекем созылды. Патша Яҳуданың қорғанлы қалаларының ҳәммесине әскербасылар тайынлады.
15 Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан басқа жерлердиң қудайларының мүсинлерин, өзи қойдырған бутларды, Ибадатхана жайласқан таўдағы ҳәм Ерусалимдеги барлық қурбанлық орынларды алдырып, оларды қаладан шығарып таслады.
16 Ол Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тиклеп, онда татыўлық ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын усынды ҳәм Яҳуда халқына Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге хызмет етиўди буйырды.
17 Деген менен, халық сыйыныў орынларында қурбанлық бериўин даўам етти. Бирақ олар берген қурбанлықларын Қудайы Жаратқан Ийеге арнайтуғын еди.
18 Менашшениң басқа ислери, Қудайына арналған дуўасы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атынан оған айтылған ўәлийдиң сөзлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
19 Оның дуўасы, Қудайдың оған реҳим етиўи, барлық гүналары, опасызлығы, сыйыныў орынларына қурғызған бутханаларының орынлары, кийели ағашлары, табынған бутлары ҳаққында барлығы Көзи ашықлардың жылнама китабында жазылған.
20 Менашше өлип, ата-бабаларына қосылғанда, өз сарайына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
21 Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти.
22 Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Ол әкеси соқтырған барлық бутларға қурбанлық берип, оларға хызмет етти.
23 Амон әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийеге қайта жүз бурмады, керисинше, гүна ислеўди арттыра берди.
24 Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
25 Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16