2 Жылнама 32 bob

Санхерибтиң абай етиўи(1-19). Жаратқан Ийениң Хизкияны қутқарыўы(20-23). Хизкияның қәстелениўи, шыпаланыўы ҳәм өлиўи(24-33). 

1 Хизкияның садықлық пенен ислеген усындай ислеринен кейин, Ассирия патшасы Санхериб келип, Яҳудаға ҳүжим жасады. Ол қорғанлы қалаларын қамал қылып, басып алыўды ойлады.
2 Санхерибтиң Ерусалимге келип, урыс ашпақшы болғанын көрген Хизкия,
3 ўәзирлери ҳәм әскербасылары менен қала сыртындағы суў көзлерин питеп таслаўды кеңести. Олар да патшаны қоллады.
4 Көп халық жыйналып: «Ассирия патшалары не ушын мол суўға ийе болар екен?» – деп, ел бойлап ағып турған барлық суў көзлерин питеп, дәрьяларды бөгеп таслады.
5 Хизкия күшин топлап, дийўаллардың жығылған жерлерин қайта тиклеп, үстине минаралар салды. Ол дийўал сыртынан тағы бир дийўал өрдирип, Даўыттың қаласындағы Миллоны беккемледи. Және де, ол көплеген қурал- жарақлар ҳәм қалқанлар ислетти.
6 Патша халыққа әскербасылар тайынлап, оларды қала дәрўазасы алдындағы майданға жыйнады ҳәм былай деп жигерлендирди:
7 «Күшли ҳәм мәрт болыңлар! Ассирия патшасы ҳәм оның сансыз ордасы себепли қорқып, руўхларыңыз түспесин! Себеби бизлер менен Болған, олар менен болғаннан күшлирек!
8 Олар тәрепте адам күши болса, бизлер тәрепте бизлерге жәрдем беретуғын ҳәм бизлер ушын урысатуғын Қудайымыз Жаратқан Ийе бар». Халық Яҳуда патшасы Хизкияның сөзлеринен жигерленди.
9 Буннан кейин, Ассирия патшасы Санхериб пүткил ләшкерлери менен Лахиш қаласын қамал қылып турған ўақытта, Яҳуда патшасы Хизкияға ҳәм Ерусалимдеги пүткил Яҳуда халқына мына хабарды жеткериў ушын өз хызметкерлерин Ерусалимге жиберди:
10 «Ассирия патшасы Санхериб былай дейди: „Сизлер неңизге үмит байлап, қамал ишинде қалған Ерусалимде отырсыз?
11 Хизкия сизлерди: Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерди Ассирия патшасының қолынан қутқарады, – деп алдап, ашлық пенен шөлден набыт қылмақшы.
12 Қудайға арналған сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын қыйратып, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек бир қурбанлық орында Қудайға сыйынып, тек оның үстинде қурбанлықларды түтетип жандырыңлар, – деген усы Хизкия емес пе?
13 Расында да, мен ҳәм мениң ата-бабаларымның басқа еллердиң халықларына не ислегенимизди билмейсизлер ме? Сол жердеги халықлардың қудайлары өз жерин мениң қолымнан қутқара алды ма?
14 Ата-бабаларым толық қырып таслаған усы халықлардың қудайларының қайсы бири өз халқын мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, қалайынша сизлердиң Қудайыңыз сизлерди мениң қолымнан қутқара алады?
15 Хизкияның өзлериңизди алдап, жолдан урыўына жол қоймаңлар! Оған исенбеңлер! Себеби ҳеш бир халықтың яки патшалықтың қудайы өз халқын мениң қолымнан ямаса ата-бабаларымның қолынан қутқара алмаған. Енди сизлерди мениң қолымнан қутқара алатуғындай, қудайыңыз ким болыпты?!“»
16 Санхерибтиң хызметкерлери Қудай Ийеге ҳәм Оның қулы Хизкияға қарсы тағы бир талай сөзлер айтты.
17 уның үстине, Санхериб Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге тил тийгизип хат жазып, Оған қарсы мына сөзлерди айтыпты: «Басқа жерлердиң қудайларының өз халқын меннен қутқара алмағанындай, Хизкияның Қудайы да Өз халқын мениң қолымнан қутқара алмайды».
18 Хатты алып келгенлер бул сөзлерди дийўал үстиндеги Ерусалим турғынларына қарай еврей тилинде бақырып айтты. Олар халықты қорқытып, ҳүрейин ушырып, қаланы тезирек қолға киргизбекши болды.
19 Олар Ерусалимниң Қудайы ҳаққында жер бетиндеги басқа халықлардың адам қолы менен жаратылған қудайы ҳаққында айтқандай қылып сөйледи.
20 Патша Хизкия ҳәм Амос улы пайғамбар Ийшая усы ушын дуўа етип, көклерге қарап жалбарынды.
21 Сонда Жаратқан Ийе Өз периштесин жиберди. Периште Ассирия патшасының ордасындағы барлық батыр жаўынгерлерди, көсемлерди ҳәм әскербасыларды қырып таслады. Санхериб масқара болып елине қайтты. Бир күни ол өз қудайының бутханасына киргенде, оны өз уллары қылыш пенен өлтирди.
22 Солай етип, Жаратқан Ийе Хизкияны ҳәм Ерусалим турғынларын Ассирия патшасы Санхерибтиң ҳәм басқа да душпанларының қолынан қутқарды. Оларды ҳәр тәреплеме қорғап-сақлады.
23 Көплер Ерусалимге келип, Жаратқан Ийеге сыйлар, Яҳуда патшасы Хизкияға қымбатбаҳа затлар алып келди. Сол ўақыттан баслап, Хизкия барлық халықлар арасында жоқары ҳүрметке еристи.
24 ол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол Хизкияны еситип, оған қәстелигинен дүзелетуғын белги берди.
25 Бирақ Хизкия өзине көрсетилген жақсылыққа шүкирлик етпей, менменсип кетти. Сол себепли Жаратқан Ийе оған, Яҳудаға ҳәм Ерусалимге ғәзепленди.
26 Сонда Хизкияның өзи де, Ерусалим турғынлары да өзлериниң менменлиги ушын тәўбе қылды. Сонлықтан Жаратқан Ийениң оларға Хизкияның көзиниң тирисинде ғәзебин шашпады.
27 Хизкия жүдә бай ҳәм абырайлы болды. Ол өзиниң гүмис ҳәм алтыны, қымбатбаҳа таслары, хош ийисли затлары, қалқанлары ҳәм ҳәр түрли қымбатбаҳа затлары ушын қазналар салдырды.
28 Және де, ол дән өнимлери, жаңа шарап ҳәм зәйтүн майы сақланатуғын орынлар, сондай-ақ ири ҳәм майда маллар ушын қоралар қурдырды.
29 Қудай мол байлық инам еткенлиги себепли, патша өзине қалалар қурдырды ҳәм көп санлы падалар менен сүриўлерге ийе болды.
30 Гихон булағының жоқарғы ағысын питеп таслап, суўын жер асты арқалы Даўыттың қаласының батысына ағызған да усы Хизкия еди. Ол ислеген ҳәр бир исинде табысқа еристи.
31 Бирақ, Бабилон ҳүкимдарлары жиберген елшилер елде болған белги ҳаққында сорастырыў ушын келгенде, Қудай сынаў ҳәм жүрегинде не барын билиў ушын, Хизкияны өз еркине қойды.
32 Хизкияның басқа ислери, қылған жақсылықлары Яҳуда ҳәм Израил патшаларының китабындағы Амос улы Ийшая пайғамбардың аянларында баян етилген.
33 Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыт әўладларының қәбирлериниң жоқарысына қойылды. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы оған ҳүрмет көрсетти. Оның орнына улы Менашше патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16