2 Жылнама 30 bob

Қутқарылыў байрамына таярлық(1-27). 

1 Хизкия пүткил Израил ҳәм Яҳудаға хабар жиберип, Эфрайым ҳәм Менашше урыўларына да хат жазып, оларды Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына мирәт етти.
2 Патша, оның ўәзирлери ҳәм Ерусалимдеги пүткил жыйын кеңесип, байрамды екинши айда өткериўди шешти.
3 Олар байрамды белгиленген ўақытта, биринши айда өткере алмаған еди. Себеби пәклениў рәсиминен өткен руўханийлер жеткиликсиз болды ҳәм халық та Ерусалимге жыйналып үлгермеди.
4 Бул усыныс патшаға да, пүткил жыйынға да унады.
5 Солай етип, олар пүткил Израил бойлап, қубладағы Беер-Шебадан арқадағы Данға шекемги пүткил халық Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимге келсин деп жәриялаўды шешти. Себеби бул байрам жазылғанға сай улыўма халықлық байрам сыпатында нышанланбай киятырған еди.
6 Патшаның буйрығы бойынша, шабарманлар патшаның ҳәм оның хызметкерлериниң жазған хатын пүткил Израил ҳәм Яҳуда бойлап таратты. Онда былай деп жазылған еди: «Израил халқы, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қайтыңлар! Сонда Ол да сизлерге, Ассирия патшаларының қолынан аман қалғанларға қайтады.
7 Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге опасызлық еткен ата-бабаларыңыз ҳәм туўысқанларыңыз сыяқлы болмаңлар! Көрип турғаныңыздай, Жаратқан Ийе оларды қорқынышлы көриниске алып келди.
8 Ата-бабаларыңыз сыяқлы қайсар болмай, Жаратқан Ийеге бойсыныңлар! Оның мәңгиге мухаддес қылған Мухаддес орнына келип, үстиңизге дөнип турған Оның лаўлаған ғәзебиниң басылыўы ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер!
9 Егер Жаратқан Ийеге жүз бурсаңыз, ағайинлериңизди ҳәм балаларыңызды тутқында услап турғанлар оларға реҳим етип, оларды усы елге қайтарады. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе мийримли ҳәм реҳимли. Егер Оған қайтсаңыз, Ол сизлерден жүз бурмайды».
10 Солай етип, шабарманлар Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин Зебулонға шекем қалама-қала аралап шықты. Бирақ адамлардың көпшилиги жаршылардың үстинен күлип, масқаралады.
11 Деген менен, Ашер, Менашше ҳәм Зебулон урыўларының айырымлары бойсынып, Ерусалимге келди.
12 Жүреклерине бирлик руўхын сыйлаған Жаратқан Ийениң қолы да Яҳуда үстинде болып, халықта патша ҳәм оның ўәзирлериниң Жаратқан Ийениң сөзи бойынша берген буйрығын орынлаўға деген қәлеў туўдырды.
13 Екинши айда Ашытқысыз нан байрамын нышанлаў ушын, жүдә үлкен аламан Ерусалимге жыйналды.
14 Олар иске кирисип, Ерусалимдеги жат қудайларға арналған қурбанлық орынларды ҳәм түтетки түтетилетуғын барлық қурбанлық орынларды қыйратып, Кидрон сайына ылақтырды.
15 Екинши айдың он төртинши күни олар Қутқарылыў байрамына арналған қурбанлық қозысын шалды. Руўханийлер менен лебийлилер уялып қалып, өзлерин пәкледи ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди.
16 Кейин олар Қудайдың адамы Муўсаның нызамы бойынша, өз орынларын ийеледи. Руўханийлер лебийлилер әкелип берген қурбанлық қанын алып, қурбанлық орынға септи.
17 Халық арасында өзлерин пәклемеген адамлар көп еди. Сонлықтан тазаланыў рәсиминен өтпегенлердиң Қутқарылыў қурбанлығын сойыў ҳәм оларды Жаратқан Ийеге бағышлаў лебийлилерге жүкленди.
18 Халықтың көпшилиги, әсиресе Эфрайым, Менашше, Иссахар ҳәм Зебулон урыўларынан келгенлердиң көбиси пәклениў рәсиминен өтпеген болса да, Қутқарылыў байрамының асынан жеп, қағыйданы бузды. Бирақ Хизкия олар ушын былай деп дуўа етти: «Ийгиликли Жаратқан Ийе!
19 Бул адамлар Мухаддес орынның нызамына сай өзлерин пәклемеген болса да, олар ата-бабаларының Қудайы – Қудай Ийени шын жүректен изледи, сонлықтан олардың ҳәр бирин кешире гөр!»
20 Жаратқан Ийе Хизкияның дуўасын еситти ҳәм халықты кеширди.
21 Ерусалимге жыйналған израиллылар жети күн даўамында үлкен қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын нышанлады. Лебийлилер менен руўханийлер Жаратқан Ийени тәрийиплеўге арналған саз әсбаплары менен ҳәр күни Жаратқан Ийеге арнап алғыс-мақтаў айтты.
22 Хизкия Жаратқан Ийеге деген хызметлерин шеберлик пенен атқарған лебийлилерди жигерлендирди. Халық жети күн даўамында татыўлық қурбанлықларын берди, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар айтып, байрам асынан жеди.
23 Пүткил жыйын байрамды және жети күнге созыўға қарар етти. Сөйтип, олар және жети күн қуўаныш пенен байрам қылды.
24 Яҳуда патшасы Хизкия жыйналғанларға мың буға ҳәм жети мың қой-ешки берди. Ал ҳәмелдарлар болса, мың буға ҳәм он мың қой-ешки берди. Жүдә көп руўханийлер пәклеў рәсиминен өткен еди.
25 Пүткил Яҳуда халқы, руўханийлер, лебийлилер, Израилдан келгенлер, Израилдан келип Яҳудада жасап атырған жат жерлилер қуўанышқа толған еди.
26 Ерусалимде уллы қуўаныш ҳүким сүрди. Себеби Израилдың патшасы Даўыт улы Сулайманның дәўиринен бери Ерусалимде бундай байрам болып көрмеген еди.
27 Руўханийлер менен лебийлилер халыққа пәтия берди. Қудай оларды еситти, олардың дуўалары көклерге, Оның мухаддес мәканына жетип барды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16