2 Жылнама 29 bob

Яҳуда патшасы Хизкия(1-2). Хизкияның Ибадатхананы пәклеўи(3-19). Ибадатхана хызметиниң тиклениўи(20-36). 

1 Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия* болып, ол Зехарияның қызы еди.
2 Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
3 Хизкия өз патшалығының биринши жылының биринши айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын ашып, оларды дүзеттирди.
4 Соңынан руўханийлер менен лебийлилерди шақыртып, Ибадатхананың шығыс тәрепиндеги майданға жыйнады ҳәм
5 оларға былай деди: «Лебийлилер, мени тыңлаңлар! Өзлериңизди тазаланыў рәсиминен өткерип, пәклениңлер, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын да пәклеңлер! Ҳарам нәрселерди бул Мухаддес орыннан шығарып таслаңлар!
6 Ата-бабаларымыз опасызлық қылып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Оны тәрк етти. Олар Жаратқан Ийениң қонысынан жүз бурып, Оған арқасын қаратты.
7 Олар Ибадатхана айўанының қапыларын жаўып таслап, шыраларын да өширип қойды. Израилдың Қудайының Мухаддес орнында түтеткилер де түтетпей, жандырылатуғын қурбанлықларды да усынбай қойды.
8 Сол себепли, Яҳуда менен Ерусалим Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырады. Өз көзлериңиз бенен көргениңиздей, Жаратқан Ийениң оларға ислегенлери басқаларды қорқытып, ҳүрейлерин ушырды.
9 Қараңлар, сонлықтан әкелеримиз қылыштан қаза тапты, ул-қызларымыз бенен ҳаялларымыз тутқында жүр.
10 Енди мен бизлерге деген лаўлаған ғәзебинен қайтыўы ушын, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен келисим дүзиўди қәлеймен.
11 Балаларым, бийпәрўа болмаңлар! Себеби Жаратқан Ийе сизлерди Өзиниң алдында турып хызмет етиўиңиз ҳәм қурбанлықлар жағыўыңыз ушын таңлап алған еди».
12 Сонда мына лебийлилер хызметти баслады: Қоҳат урпағынан: Амасай улы Махат, Азария улы Иоел; Мерарий урпағынан: Абдий улы Киш, Еҳаллелел улы Азария; Гершон урпағынан: Зимма улы Иоах, Иоах улы Эден;
13 Элисафан урпағынан: Шимрий ҳәм Еиел; Асаф урпағынан: Зехария ҳәм Маттания;
14 Ҳеман урпағынан: Ехиел ҳәм Шимей; Едутун урпағынан: Шемая ҳәм Уззиел.
15 Бул лебийлилер туўысқанларын жыйнап алып, пәклениў рәсиминен өтти. Соңынан патшаның буйрығы бойынша, Жаратқан Ийениң сөзине муўапық, Оның Ибадатханасын пәклеўге келди.
16 Руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын пәклеў ушын ишке кирип, оннан тапқан ҳарам нәрселердиң бәрин ҳәўлиге шығарды. Лебийлилер оларды алып, Кидрон сайына апарып таслады.
17 Олар биринши айдың биринши күни пәклеўди баслап, сол айдың сегизинши күни Ибадатхана айўанына жетти. Олар және сегиз күн Ибадатхананың өзин пәкледи ҳәм биринши айдың он алтыншы күни пәклеў исин жуўмақлады.
18 Соңынан патша Хизкияға барып: «Бизлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын орынды ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрселерди, усынылған нанлар қойылатуғын столды ҳәм оған тийисли барлық нәрселерди толық пәкледик.
19 Ахаз патшаның өз ҳүкимдарлығы ўақтында Қудайға бийопалық етип, шығарып таслаған нәрселерин таярлап, пәкледик. Олар ҳәзир Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының жанында тур», – деди.
20 Ертеңине патша Хизкия ерте турып, қала ҳәкимлерин жыйнады ҳәм оларды ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жол алды.
21 Олар патшалық, Мухаддес орын ҳәм Яҳуда халқы ушын гүналарын өтеў қурбанлығы етип жети буға, жети қошқар, жети тоқлы ҳәм жети теке алып келди. Патша Харон урпақларынан болған руўханийлерге буларды Жаратқан Ийениң қурбанлық орны үстинде қурбанлыққа бериўди буйырды.
22 Руўханийлер дәслеп тоқлыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи. Соңынан қошқарларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи, кейин қозыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи.
23 Ақырында, гүна қурбанлығы ушын берилген текелерди патша менен пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. Олар текелердиң үстине қолларын қойды.
24 Кейин руўханийлер текелерди сойып, қанын пүткил Израил халқының гүналардан тазаланыўы ушын, гүнаның қуны ретинде қурбанлық орынға септи. Себеби патша жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм гүна қурбанлықлары пүткил Израил халқы ушын берилсин, деп буйырған еди.
25 Соңынан патша Даўыттың, оның ўәлийи Гадтың ҳәм пайғамбары Натанның көрсетпесине муўапық, лебийлилерге кимбал, арфа ҳәм лира берип, оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына орналастырды. Усылай ислеўди Жаратқан Ийе Өз пайғамбарлары арқалы буйырған еди.
26 Лебийлилер Даўыттың саз әсбаплары менен, руўханийлер кәрнайлар менен өз орынларын ийеледи.
27 Хизкия жандырылатуғын қурбанлықты қурбанлық орында усыныўды буйырды. Қурбанлықлар жандырыла баслағанда, кәрнайларға ҳәм Израил патшасы Даўыттың саз әсбапларына қосылып, Жаратқан Ийеге арнап қосықлар айтыла баслады.
28 Қурбанлық жандырылып болынғанша, пүткил жыйналғанлар тәжим етип, қосықшылар қосық айтып, кәрнайшылар кәрнайларын шертип турды.
29 Қурбанлық бериў тамам болғанда, патша ҳәм оның жанындағылар дизелерин бүгип, сыйынды.
30 Патша Хизкия ҳәм оның хызметшилери лебийлилерге Даўыттың ҳәм ўәлий Асафтың сөзлери менен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыўды буйырды. Олар қуўаныш пенен алғыс-мақтаў айтты, сыйынды ҳәм тәжим етти.
31 Кейин Хизкия: «Мине, сизлер өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышладыңлар. Енди жақынырақ келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын алып келиңлер», – деди. Сонда жыйналғанлар қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын берди. Айырым қәлеўшилер болса, жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди.
32 Халық алып келген жандырылатуғын қурбанлықлардың улыўма саны мынадай болды: жетпис буға, жүз қошқар, еки жүз тоқлы. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге арнап жандырыў ушын алып келинген еди.
33 Басқа мухаддес қурбанлықлар ушын да алты жүз бас ири мал, үш мың бас майда мал да алып келинди.
34 Бирақ руўханийлер дым аз болғанлықтан, жандырылатуғын қурбанлықлардың терисин сылып үлгере алмай атырған еди. Сол себепли ис тамам болғанша ҳәм басқа руўханийлер пәклениў рәсиминен өтип болғанша, лебийли туўысқанлары оларға жәрдем берди. Себеби лебийлилер пәклениў рәсимине руўханийлерге қарағанда итибарлырақ еди.
35 Татыўлық қурбанлықларының майы ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм оның менен берилетуғын ишимлик садақалары мол болды. Усылайынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының хызмети қайта тикленди.
36 Хизкия ҳәм пүткил халық Қудайдың халық ушын ислеген ислерине қуўанды. Себеби бул ис қысқа ўақыт ишинде жүз берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16