2 Жылнама 27 bob

Яҳуда патшасы Иотам(1-9). 

1 Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди.
2 Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Оның әкесинен айырмашылығы, ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бастырып кирмеди. Деген менен, халық жаўызлықларын даўам ете берди.
3 Иотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды ҳәм қала дийўалының Офел төбешигиндеги бөлегин оңлап, үлкен жумыслар иследи.
4 Буннан тысқары, патша Яҳуданың таўлы үлкесине бир қанша қалалар қурдырды, орманлы жерлерге қорғанлар менен минаралар салдырды..
5 Ол аммонлардың патшасы менен урысып, жеңиске еристи. Сол жылы аммонлар Иотамға салық ретинде жүз талант гүмис, он мың кор бийдай ҳәм он мың кор арпа төледи. Екинши, үшинши жылы да олар солай иследи.
6 Иотам Қудайы Жаратқан Ийеге бойсынып жасағаны ушын, қүдиретли патшаға айланды.
7 Иотамның басқа ислери, жүргизген барлық урыслары ҳәм басқа ис-ҳәрекетлери Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
8 Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти.
9 Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16