2 Жылнама 26 bob

Яҳуда патшасы Уззия(1-23). 

1 Буннан кейин, Яҳуданың пүткил халқы он алты жасар Уззияны* әкеси Амасияның орнына патша етип қойды.
2 Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурған усы Уззия еди.
3 Уззия он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди.
4 Уззия да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
5 Өзине Қудайдан қорқыўды үйреткен Зехарияның көзиниң тирисинде Уззия Қудайға умтылып жасады. Ол Жаратқан Ийеге умтылып жасағанында, Қудай оны табыслы қылды.
6 Уззия филистлерге урыс ашып, Гат, Ябне ҳәм Ашдод қалаларының дийўалларын қулатты. Кейин Ашдод жанына ҳәм филистлерге қараслы басқа жерлерге қалалар қурды.
7 Филистлерге, Гур-Баалда жасайтуғын арабларға ҳәм меунимлилерге қарсы урыста Қудай оған жәрдем берди.
8 Аммонлар Уззияға салық төлейтуғын болды. Оның күшейгенлиги соншелли, даңқы Мысыр шегараларына дейин жетти.
9 Уззия Ерусалимде Мүйеш дәрўазасының, Ойпатлық дәрўазасының ҳәм дийўаллардың мүйешлериниң үстине минаралар қурып, оларды беккемледи.
10 Ол шөлге де минаралар қурғызды, көплеген суў сақлағышлар қаздырды. Себеби оның батыстағы таў етеклеринде ҳәм кеңисликте бағылып атырған маллары көп еди. Ал таўларда ҳәм өнимдар жерлерде дийханлары менен жүзим өсириўши бағманлары мийнет етти. Уззия дийханшылықты сүйди.
11 Уззияның топарларға бөлинип, ҳәрдайым урысқа таяр турған ләшкерлери бар еди. Оларды дизимге алып, топарларға бөлиў исин патшаның ўәзирлеринен бири Хананияның басшылығында хаткер Еиел ҳәм қадағалаўшы Маасея алып барды.
12 Бул мәрт жаўынгерлерге жетекшилик ететуғын әўлад басшыларының улыўма саны еки мың алты жүз еди.
13 Олардың қол астында урысқа жарамлы үш жүз жети мың бес жүз әскер болып, патшаға душпанларына қарсы урысыўда жәрдем беретуғын үлкен күш еди.
14 Уззия пүткил орданы қалқан, найза, дуўлыға, саўыт, оқ жай ҳәм сақпанның таслары менен тәмийинледи.
15 Ол Ерусалимдеги минаралар үстине ҳәм қала дийўалының мүйешлерине өзиниң алымлары ойлап тапқан оқ ататуғын ҳәм үлкен тасларды ылақтыратуғын урыс қуралларын орнатты. Оның даңқы алысларға жайылды. Ол Қудайдан үлкен жәрдем алғанлықтан, қүдиретли патшаға айланды.
16 Деген менен, Уззияның қүдиретли болыўы, оның менменсип қулаўына алып келди. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге деген садықлығын бузып, түтетки түтетилетуғын орында түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирди.
17 Руўханий Азария менен Жаратқан Ийениң сексен батыр руўханийи патшаның изинен ишке кирип,
18 патшаның жолын тосып, оған былай деди: «Уззия, Жаратқан Ийеге арнап түтетки түтетиўге ҳақыңыз жоқ! Түтетки түтетиў – бул Харон урпақларынан болған бағышланған руўханийлердиң иси. Мухаддес орыннан шығып кетиң! Сиз жынаятқа қол урдыңыз. Қудай Ийе де бул исиңизди мақулламайды».
19 Түтетки түтетиў ушын, хош ийисли затлар салынған табаны қолына услап турған Уззия руўханийлерге қатты ашыўланды. Сол ўақытта-ақ, олардың көз алдында Уззияның маңлайында жаман тери кеселлигиниң дағы пайда болды. Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы түтетки түтетилетуғын орын жанында жүз берген еди.
20 Бас руўханий Азария ҳәм барлық руўханийлер патшаға қарағанда, оның маңлайында жаман тери кеселлиги пайда болғанын көрди ҳәм оны сыртқа шығарыўға асықты. Патшаның өзи де Жаратқан Ийениң жазасына жолыққанын түсинип, ол жерден кетиўге асықты.
21 Ол бир өмир жаман тери кеселлигинен қутыла алмады. Сонлықтан ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кире алмай, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды.
22 Уззияның басқа ислерин басынан ақырына дейин, Амос улы пайғамбар Ийшая жазып қалдырған.
23 Уззия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, жаман тери кеселлиги менен аўырғанлығы себепли, патшалар қойылатуғын қәбирге емес, ал оның қасындағы атызға жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16