2 Жылнама 24 bob

Яҳуда патшасы Иоаштың Ибадатхананы қайта қурыўы(1--16). Иоаштың зулымлығы(17-27). 

1 Иоаш жети жасында патша болып, Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди.
2 Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
3 Еҳояда Иоашқа еки ҳаял алып берди. Иоаш олардан ул-қызлар көрди.
4 Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Иоаш Жаратқан Ийениң Ибадатханасын оңлаўға қарар қылды.
5 Ол руўханийлер менен лебийлилерди жыйнап, оларға: «Яҳуда қалаларына барып, пүткил Израил халқынан Қудайыңыздың Ибадатханасын оңлаў ушын келип түсетуғын жыллық салықты жыйнап келиң. Бул исти тез орынлаң», – деди. Бирақ лебийлилер асықпады.
6 Сонда патша бас руўханий Еҳояданы шақыртып оған: «Не ушын сиз лебийлилерди Яҳудадан ҳәм Ерусалимнен салық жыйнап келиўге жибермедиң? Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм Израил жәмийети бул салықты Келисим шатырының қәрежетлери ушын белгилеп қойған-ғо», – деди.
7 Себеби залым ҳаял Аталияның уллары Қудайдың Ибадатханасына бастырып кирип, ҳәтте, ол жердеги мухаддес нәрселерди де Бааллар ушын қолланған еди.
8 Патшаның буйрығы бойынша бир қуты исленип, қуты Жаратқан Ийениң Ибадатханасының дәрўазасының сыртына қойылды.
9 Қудайдың қулы Муўсаның шөлде Израил халқы ушын белгилеген салығын Жаратқан Ийеге алып келиў Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жәрияланды.
10 Барлық ҳәмелдарлар ҳәм пүткил халық салықты қуўанышлы түрде алып келип, толғанша қутыға таслады.
11 Лебийлилер қутыны патшаның хызметшилерине алып келетуғын еди. Олар қутының толғанын көргенде, патшаның хаткерине ҳәм бас руўханийдиң жәрдемшисине хабар беретуғын еди. Олар да келип, қутыны босатып, кейин қайтадан орнына апарып қоятуғын еди. Олар бәрқулла солай иследи ҳәм көп пул жыйнады.
12 Патша ҳәм Еҳояда бул пулларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын тас өриўшилерди ҳәм ағаш усталарын, сондай-ақ Ибадатхананы оңлаў ушын темир ҳәм қолаға ислеў беретуғын жумысшыларды жаллады.
13 Жумысшылар ықлас пенен иследи ҳәм ислер олардың қолында алға илгериледи. Қудайдың Ибадатханасы дәслепки аўҳалына қайтып, беккемленди.
14 Олар ислерин тамамлап, қалған пулларды патшаға ҳәм Еҳоядаға алып келди. Бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын хызметте ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар бергенде қолланылатуғын буйымлар, тостағанлар, басқа алтын ҳәм гүмис буйымлар исленди. Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң Ибадатханасында ҳәр күни жандырылатуғын қурбанлықлар берилип барды.
15 Еҳояда мазмунлы өмир сүрип, қартайып, бир жүз отыз жасында дүньядан өтти.
16 Израилда Қудай ҳәм Оның Ибадатханасы ушын ислеген хызметлери есапқа алынып, оның денеси Даўыттың қаласына патшалардың қасына қойылды.
17 Еҳояданың өлиминен соң, Яҳуда басшылары патшаға келип, оған тәжим етти. Патша да оларға қулақ салды.
18 Олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын тәрк етип, кийели ағашларына ҳәм басқа бутларға табына баслады. Олардың гүнасы себепли, Яҳуда ҳәм Ерусалимге Жаратқан Ийениң ғәзеби келди.
19 Жаратқан Ийе халықты Өзине қайтарыў ушын пайғамбарлар жиберген болса да, пайғамбарлар оларға ескерткен болса да, бәри бир халық пайғамбарларға қулақ аспады.
20 Сонда Қудайдың Руўхы руўханий Еҳояда улы Зехарияны бийлеп алды. Зехария халықтың алдына шығып, былай деди: «Қудай былай дейди: „Неге буйрықларыма қарсы шығып атырсызлар? Сизлер табысқа ерисе алмайсызлар. Себеби сизлер Мени тәрк еттиңлер, Мен де сизлерди тәрк еттим“».
21 Бирақ Зехарияға қарсы тил бириктирилип, патшаның буйрығы менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде ол тас боран қылып өлтирилди.
22 Патша Иоаш Зехарияның әкеси Еҳояда көрсеткен жақсылықларды умытып, оның улын өлтирди. Зехария жан берип атырып: «Жаратқан Ийе бул ислериңизди көрип, есесин қайтарсын!» – деди.
23 Сол жылдың ақырында, Арам ордасы Иоашқа ҳүжим жасады. Олар Яҳуда ҳәм Ерусалимге кирип, халықтың барлық басшыларын өлтирди, ал алған олжаларының ҳәммесин Дамаскке, өз патшасына жиберди.
24 Арам ордасы көп санлы болмаса да, Жаратқан Ийе өзлеринен жүдә үлкен болған орданы оларға тәслим етти. Өйткени Яҳуда халқы өзлериниң ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. Солай етип, Иоаш өз жазасын алды.
25 Арам әскерлери Иоашты аўыр жараланған ҳалда таслап кетти. Сонда Иоаштың хызметкерлери руўханий Еҳояданың улының қаны ушын өш алмақшы болып тил бириктирди ҳәм Иоашты өз төсегинде өлтирди. Оны Даўыттың қаласына жерледи, бирақ патшалардың қәбирине қоймады.
26 Иоашқа қарсы тил бириктиргенлер: аммон халқынан Шимеат деген ҳаялдың улы Забад ҳәм моаблы Шимрит деген ҳаялдың улы Еҳозабад еди.
27 Иоаштың уллары ҳаққында мағлыўмат, Иоашқа қарсы айтылған көп санлы пайғамбаршылықлар ҳәм Ибадатхананың оңланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар Патшалар китабында жазылған. Иоаштың орнына оның улы Амасия патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16