2 Жылнама 23 bob

Аталияға қарсы бас көтериў(1-15). Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер(16-21). 

1 Аталияның ҳүкимдарлығының жетинши жылы руўханий Еҳояда күшке толып, жүзбасылар: Ерохам улы Азария, Еҳоханан улы Исмайыл, Обид улы Азария, Адая улы Маасея ҳәм Зихрий улы Элишафат пенен келисим дүзди.
2 Олар Яҳуданы аралап шығып, лебийлилер менен Израил әўладларының басшыларын жыйнады ҳәм Ерусалимге алып келди.
3 Солай етип пүткил жәмийет Қудайдың Ибадатханасында патша менен келисим дүзди. Еҳояда оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Даўыттың урпақларына берген ўәдесине муўапық, патшаның улы патшалық қылыўы керек.
4 Енди сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келетуғын руўханийлер менен лебийлилердиң үштен бири дәрўазаларды қараўылласын.
5 Үштен бири патшаның сарайын, ал қалған үштен бири Тийкар дәрўазасын қорғасын. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисине жыйналсын.
6 Руўханийлер менен хызметтеги лебийлилерден басқа ҳеш ким Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирмесин. Олар мухаддес болғанлығы себепли, ол жерге кире алады. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң тапсырмасы бойынша сыртта қалсын.
7 Лебийлилер қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын. Ибадатханаға кирген ҳәр бир адам өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
8 Лебийлилер ҳәм пүткил Яҳуда халқы руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып қалды. Себеби руўханий Еҳояда топарлардың ҳеш бириниң кетиўине рухсат бермеген еди.
9 Руўханий Еҳояда Қудайдың Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найзаларды, кишкене ҳәм үлкен қалқанларды жүзбасыларға таратты.
10 Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойды.
11 Еҳояда ҳәм оның уллары патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, кейин: «Жасасын патша!» – деп қышқырды.
12 Аталия жуўырысқан ҳәм патшаны алғыслап бақырысқан халықтың шаўқымын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди.
13 Қараса, патша Ибадатхананың киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып, қосықшылар болса саз әсбапларына қосылып алғыс-мақтаў қосықларын айтып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
14 Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемегенликтен, әскерлерге жуўапкер жүзбасыларды жиберип атырып, оларға былай деди: «Оны арадан сыртқа алып шығыңлар ҳәм оған ерген ҳәр бир адамды қылыштан өткизиңлер», – деди.
15 Әскерлер Аталияны тутып алды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелип, сол жерде өлтирди.
16 Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда өзи, пүткил халық ҳәм патша арасында келисим дүзди.
17 Соңынан пүткил халық Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди.
18 Кейин Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин алып барыўды лебийли руўханийлерге тапсырды. Оларға Даўыт белгилеген Ибадатхана хызметлерин орынлаў, Муўсаның Нызамында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ҳәм Даўыттың буйрығына муўапық, қуўанышлы түрде қосық айтыў тапсырылды.
19 Қандай себеп пенен болса да, ҳарам болған адамның Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип кетпеўи ушын, дәрўазаға қараўыллар қойды.
20 Соңынан Еҳояда жүзбасыларды, ақсүйеклерди, халық басшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Олар Жоқарғы дәрўаза арқалы өтип, патшаны тахтқа отырғызды.
21 Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия қылыш пенен өлтирилген еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16