2 Жылнама 21 bob

Яҳуда патшасы Иорам(2-20). 

1 Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иорам патша болды.
2 Еҳошафат улы Иорамның Азария, Ехиел, Зехария, Азарияҳу, Михаил, Шефатия атлы инилери бар еди. Булардың ҳәммеси Израил патшасы Еҳошафаттың уллары еди.
3 Әкеси Еҳошафат оларға мол гүмис, алтын ҳәм қымбатбаҳа нәрселерге қоса, Яҳудадағы қорған қалаларды да саўға етти. Ал Иорам туңғыш перзент болғанлықтан, патшалықты оған берди.
4 Бирақ Иорам әкесиниң тахтына отырып, оны беккемлегеннен соң, барлық инилерин ҳәм бир қатар Израил басшыларын қылыштан өткизди.
5 Иорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти.
6 Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
7 Бирақ Жаратқан Ийе Даўыт пенен дүзген келисими себепли, Даўыттың үй-ишин жоқ қылмады. Өйткени Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
8 Иорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды.
9 Иорам әскербасылары ҳәм барлық саўаш арбалары менен бирге сол жерге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Иорам түнде турып, қамалды жарып шықты.
10 Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да Иорамның ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерди. Себеби Иорам ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди.
11 Сондай-ақ, Иорам Яҳудадағы төбешикли жерлерге сыйыныў орынларын қурып, Ерусалим турғынларын Қудайға опасызлық қылыўға жетеледи ҳәм Яҳуда халқын жолдан азғырды.
12 Бир күни Иорамға пайғамбар Илиястан хат келди. Онда былай деп жазылған еди: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен әкең Еҳошафаттың ҳәм Яҳуда патшасы Асаның жолынан жүрмедиң.
13 Керисинше, Израил патшаларының жолынан жүрдиң ҳәм Ахабтың үй- ишиниң ислегени киби, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын опасызлыққа басладың. Буның үстине, бир әкеден туўылған, сеннен жақсырақ болған өз инилериңди өлтирдиң.
14 Сонлықтан Жаратқан Ийе, яғный Мен сениң халқыңа, ҳаялларыңа, балаларыңа ҳәм пүткил мал-мүлкиңе уллы апат жиберемен.
15 зиңди болса аўыр ишек кеселлигине жолықтыраман. Ишеклериң сыртқа төгилгенше, аўырыў күннен-күнге күшейе береди“».
16 Буннан кейин Жаратқан Ийе филистлерди ҳәм кушлылардың жанында жасап атырған арабларды Иорамға қарсы қозғады.
17 Олар Яҳудаға шабыўыл жасап, ишкериге бастырып кирди ҳәм патшаның сарайынан тапқан ҳәмме байлықларды, сондай-ақ патшаның балалары менен ҳаялларын алып кетти. Тек Иорамның Еҳоахаз атлы генже улы ғана өзинде қалды.
18 Бул ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийе Иорамды даўасы жоқ ишек кеселлигине дуўшар етти.
19 Ўақыт өте берди, арадан еки жыл өткенде, кеселлик себепли оның ишеклери сыртқа атылып шықты. Ол қатты қыйналып жан тапсырды. Иорамның ата-бабалары өлгенде, халық олардың ҳүрметине от жағыў рәсимин өткерген еди, ал Иорамның ҳүрметине от жағылмады.
20 Иорам тахтқа отырғанда отыз еки жаста болып, Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. Ол ушын ҳеш ким жоқлаў айтып жыламады. Ол Даўыттың қаласына жерленген болса да, патшалар қәбирине қойылмады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16