2 Жылнама 20 bob

Моаблылар менен аммонларға қарсы урыс(1-30). Еҳошафаттың патшалығының соңы(31-37). 

1 Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, моаблар, аммонлар ҳәм маон халқының бир бөлеги Еҳошафатқа қарсы урыс ашыў ушын жолға шықты.
2 Сонда хабаршылар келип Еҳошафатқа: «Эдомнан, Өли теңиздиң арғы тәрепинен сизге урыс ашыў ушын үлкен орда киятыр. Олар ҳәзир Хасесон- Тамарға, яғный Эн-Гедийге жетип қалды», – деп хабарлады.
3 Қорқып кеткен Еҳошафат Жаратқан Ийениң еркин билиўге қарар етти ҳәм пүткил Яҳуда бойлап ораза тутыўды жәриялады.
4 Сонда Жаратқан Ийеден жәрдем сораў ушын, Яҳуданың барлық қалаларынан халық ағылып келип, Ерусалимге жыйналды.
5 Еҳошафат Яҳуда ҳәм Ерусалим жыйынында, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жаңа ҳәўлиси алдында турып,
6 былай деп дуўа етти: «Ҳәй, ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийе! Көклердеги Қудай Сен емесписең? Сен халықлардың барлық патшалықларына бийлик етесең. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Саған ҳеш ким де қарсы тура алмайды.
7 Қудайымыз! Усы елдиң бурынғы турғынларын Өз халқың Израилдың алдынан қуўып шығып, елди Өз достың Ибрайымның урпақларына мәңгиге берген Сен емесписең?
8 Олар усы елде қоныс басып, Сениң атыңа арнап Мухаддес орын қурды ҳәм былай деген еди:
9 „Егер апат, яғный қылыштан жазаланыў, иллет ямаса ашлық басымызға түссе, Өзиң бар болған усы Ибадатхананың алдына, Сениң алдыңа келип, қыйыншылық ишинде Саған жалбарынамыз, Сен де бизлерди еситип, қутқарасаң“
10 Мине, Аммон, Моаб ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларының не ислеп атырғанына қара! Израиллылар Мысырдан шыққанда, Сен оларға сол халықлардың жерлерине кириўге рухсат бермедиң. Сонлықтан оларды айланып өтип, оларды қырып жибермеген еди.
11 Енди болса, бул халықлардың бизге берип атырған саўғасына қарап қой! Сен бизлерге мүлик етип берген жерден олар бизлерди қуўып шығарыўға киятыр.
12 О Қудайымыз, Сен оларды жазалай гөр! Себеби бизлерде өзимизге бастырып киятырған бул үлкен ордаға қарсылық қылатуғын күш жоқ. Бизлер не қылыўды билмеймиз, бирақ көз тигип, Сеннен үмит етемиз».
13 Сол ўақытта пүткил Яҳуда еркеклери нәрестелери, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге Жаратқан Ийениң алдында турған еди.
14 Сонда жыйын ортасында турған Яхазиелге Жаратқан Ийениң Руўхы түсти. Асаф урпағынан шыққан лебийли Яхазиел Маттанияның қуўлығы, Еиелдиң шаўлығы, Бенаяның ақлығы, Зехарияның улы еди.
15 Яхазиел тил қатып, былай деди: «Ҳәй, пүткил Яҳуда менен Ерусалим турғынлары ҳәм патша Еҳошафат, тыңлаңлар! Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: „Бул сан- санақсыз ләшкерлерден қорқып, қәўетерленбең. Бул урыс сизлердики емес, Меники, яғный Қудайдики.
16 Ертең оларға қарсы төмен қарай жүристи баслаң. Олар Сиске баратуғын жол арқалы көтерилип киятыр. Сизлер оларды Еруел шөлиниң алдындағы ойыпатлықтың ақырында ушыратасыз.
17 Бирақ сизлер урыспайсыз. Тек барып, орныңызды ийелеп турып, Жаратқан Ийениң қутқарыўын көресиз. Ҳәй, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы! Қорқып, қәўетерленбең. Ертең оларға ҳүжим қылың, Жаратқан Ийе болған Мен сизлер менен бирге боламан“».
18 Еҳошафат басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы да тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды.
19 Қоҳат ҳәм Қорах урпақларынан тараған лебийлилер орынларынан турып, бәлент даўыс пенен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтты.
20 Еҳошафаттың ләшкерлери ертеңине азанда ерте турып, Теқоа шөлине атланды. Олар жолға шығып баратырғанда Еҳошафат тоқтап оларға: «Ҳәй Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары, мени тыңлаң! Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исениң, сонда бийқәтер боласыз! Оның пайғамбарларына исениң, сонда табысқа ерисесиз» – деди.
21 Еҳошафат халық пенен кеңесип болғаннан кейин, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтатуғын ҳәм Оның мухаддес салтанатын тәрийиплейтуғын қосықшыларды тайынлады. Олар әскерлердиң алдында жүрип: «Жаратқан Ийени тәрийиплең, Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп қосық айтыўы керек еди.
22 Олар қосық ҳәм алғыс айтып баслаған ўақытта-ақ, Жаратқан Ийе Яҳудаға урыс ашыў ушын келген аммон, моаб халықларына ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына дузақ қурды ҳәм олар қырылды.
23 Себеби аммон ҳәм моаб халқы қырып таслаў ушын, таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына бас салды. Оларды қырып болғаннан кейин болса, Аммон ҳәм моаб халқы бир-бирин қыра баслады.
24 Яҳуда халқы шөл даладағы гүзетши минарасына жетип, душпан ордасына көз жибергенде, олар тек жерде жатқан өли денелерди көрди. Олардың биреўи де қашып қутылмаған екен.
25 Еҳошафат өз адамлары менен олардан қалған нәрселерди олжалаў ушын келгенде, жүдә көп қурал-сайманлар, кийим-кеншеклер ҳәм қымбатбаҳа нәрселерди тапты. Олар көтере алғандайын алып кетти. Олжаның көплиги сонша, оны жыйнаўға үш күн кетти.
26 Ал төртинши күни олар бир ойпатлыққа жыйналып, Жаратқан Ийени алғыслады. Сонлықтан ол жер бүгин де Бераха ойпатлығы деп аталады.
27 Кейин пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы Еҳошафаттың басшылығында қуўаныш пенен Ерусалимге қайтты. Себеби Жаратқан Ийе оларды душпанларынан қутқарып, қуўанышқа бөлеген еди.
28 Олар лира, арфа ҳәм кәрнай намасы астында Ерусалимге кирип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бет алды.
29 Израилдың душпанларына қарсы Жаратқан Ийениң Өзиниң урысқанын еситкенде, әтираптағы патшалар Қудайдан қорқып қалды.
30 Еҳошафаттың патшалығында тынышлық ҳүким сүрди. Оның Қудайы оған ҳәр тәреплеме парахатшылық сыйлаған еди.
31 Солай етип, Еҳошафат Яҳудаға патшалық етти. Ол отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди.
32 Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
33 Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Сонлықтан халық еле ата-бабаларының Қудайына толық жүз бурмады.
34 Еҳошафаттың басқа ислери бастан ақырына дейин, Израил патшаларының жылнама китабының бир бөлими болған Хананий улы Еҳу жазған жылнама китабында баян етилген.
35 Кейинирек Яҳуда патшасы Еҳошафат жаман ислерге ҳәўес болған Израил патшасы Ахазия менен тынышлық келисимин дүзди.
36 Олар Таршишке жибериў ушын кеме соқтырыўға келисип алды. Кемелер Эсион- Геберде соғылды.
37 Сонда марешалы Додаўаҳу улы Элиезер Еҳошафатқа қарсы пайғамбаршылық етип: «Сен Ахазия менен келисим дүзгениң ушын, Жаратқан Ийе сениң исиңди жоқ қылады», – деди. Кемелер апатқа ушырап, Таршишке жете алмады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16