2 Жылнама 2 bob

Ибадатхана қурылысына таярлық(1-18)

1 Сулайман Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана ҳәм өзи ушын бир сарай қурыўды буйырды.
2 Ол жүк тасыў ушын жетпис мың, таўларда тас кесиў ушын сексен мың ҳәм оларды қадағалаў ушын үш мың алты жүз адам белгиледи.
3 Сулайман Тир патшасы Хирамға былай деп айтыў ушын адамларын жиберди: «Әкем Даўыт өзи жасаў ушын сарай салдырғанда жиберген кедр бөренелеринен маған да жиберсеңиз.
4 Ҳәзир мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып, Ибадатхананы Оған бағышламақшыман. Сол жерде Оның алдында хош ийисли түтеткилер түтетилип, ҳәрдайым усынылған нанлар турыўы керек. Және де, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийе белгилеген байрамларда жандырылатуғын қурбанлықлар усынылыўы тийис. Бул рәсимлер Израил ушын мәңги қағыйда болады.
5 Қудайымыз басқа барлық қудайлардан уллы болғанлығы себепли, Мен қуратуғын Ибадатхана да аса уллы болады.
6 Бирақ көклер, ҳәтте, көклердиң көклери Оны сыйғыза алмағанда, Оған арнап Ибадатхана қурыўға кимниң шамасы жетеди? Оған арнап үй қуратуғындай, мен ким болыппан? Тек Оның алдында қурбанлықларды өртеп усыныў ушын бир орын қурмақшыман.
7 Сол себепли маған алтын, гүмис, қола ҳәм темирден зат ислеўде, шым қызыл, қырмызы ҳәм қызғыш көк реңли жиплерден зат тоқыўда ҳәм оймашылықта шебер уста болған бир адам жиберсеңиз. Ол әкем Даўыт жетистирген шебер усталар менен бирге Яҳудада ҳәм Ерусалимде жумыс ислесин.
8 Маған Лебанон таўларынан кедр, сәрўи ҳәм сапалы арша ағашларын да жиберсеңиз. Себеби адамларыңыздың Лебанондағы ағашларды кесиўге уқыплы екенин билемен. Мениң адамларым сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди.
9 Олар маған жүдә көп муғдарда ағаш кесип берсин. Өйткени мен қуратуғын Ибадатхана зәўлим ҳәм салтанатлы болыўы керек.
10 Мен ағашларды кесетуғын адамларыңызға жигирма мың кор женшилген бийдай, жигирма мың кор арпа, жигирма мың бат шарап ҳәм жигирма мың бат зәйтүн майын жиберемен».
11 Тир патшасы Хирам Сулайманға хат арқалы былай деп жуўап берди: «Жаратқан Ийе Өз халқын сүйгенликтен, сизди патша етип қойды».
12 Хирам хатын былай даўам етти: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол патша Даўытқа Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана, өзи ушын сарай салатуғын дана, ақыллы ҳәм парасатлы ул инам етипти.
13 Сизге Хурам-Абий деген ақыллы ҳәм шебер бир адамды жиберемен.
14 Оның анасы Дан урыўынан, ал әкеси тирли. Хурам-Абий алтын, гүмис, қола, темир, тас ҳәм ағаш пенен, шым қызыл, қызғыш көк ҳәм қырмызы реңли жиплер, және ҳасыл зығыр менен жумыс ислей алады. Ол оймашылықтың ҳәмме түрлерине уста болып, қәлеген буйыртпаңызды орынлай алады. Ол сизиң шеберлериңиз ҳәм әкеңиз мырзам Даўыттың шеберлери менен ислейди.
15 Енди мырзам, өзиңиз айтқан бийдай, арпа, зәйтүн майы ҳәм шарапты қулларыңызға жиберсеңиз.
16 Бизлер де Лебанон тоғайларынан сизге керекли ағашларды кесип, бир-бирине байлап сал соғып, теңиз арқалы Яфоға жеткерип беремиз. Сиз ағашларды сол жерден Ерусалимге алып кетерсиз».
17 Әкеси Даўыт жүргизген сол санақтан кейин, Сулайман да Израилда жасайтуғын барлық шет еллилердиң есабын алды. Олардың саны бир жүз елиў үш мың алты жүз болды.
18 Олардың жетпис мыңын жүк тасыўшы, сексен мыңын таўларда тас кесиўши, ал үш мың алты жүзин жумысшылар үстинен қадағалаўшы етип белгиледи.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16