2 Жылнама 18 bob

Пайғамбар Миханың Ахабты ескертиўи(1-27). Ахабтың өлими(28-34). 

1 Яҳуда патшасы Еҳошафат жүдә бай болып, атақ-абырайы асып кетти. Ол Израил патшасы Ахаб пенен қуда-тамыр болды.
2 Арадан бир неше жыл өткеннен соң, Еҳошафат Ахабты көриў ушын Самарияға барды. Ахаб Еҳошафаттың ҳәм оның менен барғанлардың ҳүрметине көплеген майда ҳәм ири малларды сойды ҳәм Гиладтағы Рамот қаласына ҳүжим қылыўға көндирмекши болды.
3 Соңынан Израил патшасы Ахаб Яҳуда патшасы Еҳошафаттан: – Гиладтағы Рамотқа мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады. Еҳошафат Ахабқа: – Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, көриң. Сиз бенен бирге урысқа барамыз, – деп жуўап берди.
4 Соңынан Еҳошафат: – Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
5 Сонда Израил патшасы төрт жүз пайғамбарды топлап, оларға: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады. Олар: – Барың, Қудай қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
6 Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
7 Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, бәрқулла тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
8 Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, бәрқулла тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
9 Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди.
10 Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
11 Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
12 Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып: – Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
13 Бирақ Миха оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Қудайым маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
14 Миха патшаға келди. Патша Михадан: – Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса мен оннан бас тартайын ба? – деп сорады. Миха патшаға: – Бара бериңлер, жеңесизлер, олар сизлерге тәслим етиледи, – деп жуўап берди.
15 Деген менен, патша Михаға: – Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған неше мәрте ант ишкизиўим керек? – деди.
16 Сонда Миха патшаға былай деди: – Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
17 Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
18 Миха патшаға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим.
19 Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Израил патшасы Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда,
20 бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады.
21 Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди. Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди.
22 Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
23 Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де: – Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
24 Миха оған: – Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
25 Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Иоашқа қайтып алып барыңлар.
26 Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, аз-маз нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
27 Миха патшаға: «Егер шынында да аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди.
28 Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты.
29 Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, олар саўашқа шықты.
30 Арам патшасы өз саўаш арбаларының әскербасыларына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды.
31 Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде, Қудай Ийе оған жәрдемге келип, ҳүжим қылыўшыларды басқа жаққа бурып жиберди.
32 йткени саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты.
33 Сол арада бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди.
34 Деген менен, сол күни ғыжлаған саўаш болып, Израил патшасы өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалды ҳәм кешке шекем арамлыларға қарап турыўға мәжбүр болды. Кешке таман патша қаза тапты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16