2 Жылнама 17 bob

Яҳуда патшасы Еҳошафат(1-19). 

1 Асаның орнына улы Еҳошафат патша болды ҳәм Израилға қарсы бекинисин күшейтти.
2 Ол Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына әскерлерин орналастырып, пүткил Яҳуда жеринде ҳәм әкеси Аса Эфрайым урыўынан басып алған қалаларға сақшылар топарларын қойды.
3 Еҳошафат бабасы Даўыттың дәслепки жүрген жолларынан жүргени ушын, Жаратқан Ийе оның менен бирге болды. Ол Баалларға сыйынбай,
4 әкеси Аса сыйынған Қудайға умтылып, Оның буйрықларына бойсынды. Ал Израил халқы ислеген дәстүрлерге ермеди.
5 Сонлықтан Жаратқан Ийе Еҳошафаттың патшалығын беккемледи. Пүткил Яҳуда ели оған сыйлықлар алып келип турды. Усылайынша патша мол байлыққа ҳәм ҳүрметке ийе болды.
6 Оның жүреги Жаратқан Ийеге бағышланған еди. Ол Яҳудадағы сыйыныў орынларын ҳәм кийели ағашларына арналған кийели ағашларды алып таслады.
7 Еҳошафат өз ҳүкимдарлығының үшинши жылында өзиниң хызметкерлеринен Бен-Хайылды, Обадияны, Зехарияны, Нетанелди ҳәм Михаяны халыққа тәлим бериўи ушын Яҳуда қалаларына жиберди.
8 Олар менен бирге лебийлилерден: Шемая, Натания, Зебадия, Асаҳел, Шемирамот, Еҳонатан, Адония, Тобия ҳәм Тоб-Адонияны, руўханийлерден: Элишама ҳәм Иорамды жиберди.
9 Жиберилгенлер Жаратқан Ийениң Нызам китабын жанына алып жүрип, Яҳудада тәлим берди. Олар пүткил Яҳуда қалаларын аралап, халыққа үйретти.
10 Яҳуда әтирапындағы барлық үлкелердиң патшалықларына Жаратқан Ийе қорқыў салғанлықтан, олардың ҳеш бири Еҳошафатқа қарсы урыс ашпады.
11 Базы филистлер саўға ҳәм салық сыпатында Еҳошафатқа гүмис, ал араблар майда мал сүриўин: жети мың жети жүз қошқар ҳәм жети мың жети жүз теке алып келди.
12 Еҳошафат күшейип бара берди. Ол Яҳудада қорғанлар ҳәм телеклери бар қалалар қурғызып,
13 Яҳуда қалаларында көп муғдарда керек- жарақ жыйнап қойды. Ал Ерусалимде тәжирийбели баҳадыр жаўынгерлери бар еди.
14 Олардың әўладлары бойынша дизими мынадай: Яҳуда урыўында мыңбасылар бар еди. Әскербасы Адна үш жүз мың баҳадыр жаўынгерди басқарды.
15 Оннан кейинги әскербасы Еҳоханан болып, ол еки жүз сексен мың жаўынгерге басшылық етти.
16 Оннан кейинги әскербасы Зихрий улы Амасия болып, ол еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге басшылық етти. Амасия өз ерки менен Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған еди.
17 Бенямин урыўынан шыққан оқ жай ҳәм қалқан менен қуралланған еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге Эляда басшылық етти.
18 Оннан кейинги әскербасы Еҳозабад урысқа таяр, қуралланған бир жүз сексен мың адамды басқарды.
19 Бул жаўынгерлер патшаның пүткил Яҳуда елиндеги бекинисли қалаларына жайластырған әскерлеринен тысқары әскерлери еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16