2 Жылнама 16 bob

Асаның соңғы жыллары(1-14). 

1 Яҳуда патшасы Асаның ҳүкимдарлығының отыз алтыншы жылында Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шықты ҳәм Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти.
2 Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
3 «Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
4 Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Майым қалаларын, пүткил Нафталий жериндеги барлық телеклери бар қалаларды басып алды.
5 Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, исти таслап кетти.
6 Патша Аса пүткил яҳудалыларды шақыртты. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
7 Сол ўақытлары көзи ашық Хананий Яҳуда патшасы Асаға келип, былай деди: «Сиз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сүйенбей, Арам патшасына сүйендиңиз. Сол себепли Арам патшасының әскерлерин қолдан шығардыңыз.
8 Есиңизге түсириң, кушлылар менен ливиялылар көп санлы саўаш арбалары ҳәм атлылары менен үлкен бир орда болып келмеп пе еди? Сонда сиз Жаратқан Ийеге сүйенгениңиз ушын, Ол оларды сизге тәслим еткен еди.
9 Жаратқан Ийе Өзине шын жүректен садық болғанларға күш- қуўат берип турыў ушын, пүткил жер жүзине нәзер салып турады. Сиз ақылсызларша ис туттыңыз, сол себепли буннан былай сизиң басыңыз урыстан шықпайды».
10 Аса көзи ашықтың бул сөзлерине ғәзепленди. Оның ғәзепленгени соншелли, көзи ашықты зинданға таслатты. Сол ўақытлары Аса халқының айырымларына қысым көрсетип, езди.
11 Асаның барлық ислери басынан аяғына шекем, Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
12 Ҳүкимдарлығының отыз тоғызыншы жылында, Аса аяқ аўырыўына шалынды. Аўырыўы асқынлап атырған болса да, ол Жаратқан Ийеге жүз бурмай, тәўиплерден үмит етти.
13 Аса өз ҳүкимдарлығының қырық биринши жылы өлип, ата-бабаларына қосылды.
14 Оны ҳәр түрли хош ийисли затларға толтырылған табытқа жатқарып, Даўыттың қаласында өзи ушын ойдырған қәбирге қойды. Оның ҳүрметине үлкен от жақты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16