2 Жылнама 15 bob
1 Одед улы Азарияның үстине Қудайдың Руўхы түсти.
2 Сонда Азария патша Аса менен ушырасыў ушын жолға шықты ҳәм оған барып былай деди: «Ҳәй, Аса! Ҳәй, Бенямин ҳәм Яҳуда халқы, маған қулақ салыңлар! Сизлер Жаратқан Ийе менен бирге болған дәўирде, Ол да сизлер менен бирге болады. Егер Оны излесеңиз, табасызлар. Ал егер Оны тәрк етсеңиз, Ол да сизлерди тәрк етеди.
3 Узақ ўақыт даўамында Израил халқы ҳақыйқый Қудайдан, тәлим беретуғын руўханийден ҳәм Оның Нызамынан алыста жасады.
4 Бирақ қыйыншылыққа ушырағанында олар Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бет бурып, Оны изледи ҳәм Оны тапты.
5 Сол күнлери сапарға шығыў қәўипли болып, ҳәмме еллердиң турғынлары ушын ғаўасатлы ўақытлар еди.
6 Миллет миллетке, қала қалаға қарсы урысатуғын еди. Себеби Қудай оларды ҳәр түрли апатшылықларға ушыратып, албыратып қойған еди.
7 Бирақ сизлер беккем болыңлар! Түскинликке түспеңлер! Өйткени мийнетиңиздиң жемисин аласызлар».
8 Одед улы Азария пайғамбардың бул пайғамбаршылық сөзлерин еситкенде, Аса жигерленди. Ол пүткил Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги ҳәм Эфрайымның таўлы үлкесиндеги өзи қолға киргизген қалалардағы жеркенишли бутларды алып таслады. Сондай-ақ, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының айўанының алдына орнатылған Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тикледи.
9 Буннан кейин, Аса Яҳуда ҳәм Бенямин урыўы менен бирге олардың арасында жасап атырған Эфрайым, Менашше ҳәм Шимон урыўынан болғанларды топлады. Өйткени көп адамлар Қудай Ийениң Аса менен бирге екенин көрип, Израилды таслап, Яҳудаға көшип келген еди.
10 Олар Аса ҳүкимдарлығының он бесинши жылының үшинши айында Ерусалимге жыйналды.
11 Сол күни олар урыстан алып келген олжасынан жети жүз бас ири мал ҳәм жети мың бас майда малды Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа берди.
12 Халық ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәни менен излеў ушын келисим дүзди.
13 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени излемеген ҳәр бир адам: жас болсын, ғарры болсын, еркек болсын, ҳаял болсын ҳәммеси өлтирилетуғын болды.
14 Олар бақырып, ҳәр түрли кәрнайлар ҳаўазлары астында бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге ант ишти.
15 Пүткил яҳудалылар берген анты ушын қуўанышлы еди, себеби олар шын жүректен ант ишкен еди. Олар ықласланып Жаратқан Ийени излегени ушын, Оны тапты. Жаратқан Ийе оларға ҳәр тәреплеме тынышлық берди.
16 Патша Аса кемпир апасы Маахадан ханбийкелик атағын тартып алды. Себеби ол Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырған еди. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, майдалап, Кидрон сайында жағып жиберди.
17 Ол Израилдағы сыйыныў орынларын жоқ қылмаса да, өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
18 Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Қудайдың Ибадатханасына алып келди.
19 Асаның патшалығының отыз бесинши жылына дейин елде урыс болмады.