2 Жылнама 13 bob

Яҳуда патшасы Абия(1-22). 

1 Израил патшасы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абия Яҳудаға патша болды.
2 Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абияның анасы гибалы Уриелдиң қызы Михая еди. Абия менен Яробам ортасында урыс болды.
3 Абия төрт жүз мың ағла әскерди саўашқа баслады. Яробам болса, сегиз жүз мың ағла ҳәм мәрт әскерин оған қарсы сапқа дизди.
4 Абия Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Семарайым таўына шығып, былай деди: «Ҳәй, Яробам ҳәм пүткил Израил, мени тыңлаңлар!
5 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң бузылмас бир келисим бойынша Израилға патшалық қылыўды мәңгиге Даўытқа ҳәм оның урпақларына бергенин билмейсиз бе?
6 Бирақ Даўыт улы Сулайманның хызметшиси Набат улы Яробам өз мырзасына қарсы бас көтерди.
7 Оның қасына оңбаған ҳәм жарамас адамлар жыйналып, Сулайман улы Рехабамға қарсы шықты. Рехабам сол ўақытта жас ҳәм тәжирийбесиз болғанлықтан, оларға қарсы тура алмады.
8 Енди болса, Даўыттың урпағының қолында болған Жаратқан Ийениң патшалығына қарсы турмақшысыз. Аўа, сизлер көпшиликсиз! Буның үстине, қудайыңыз деп Яробам соқтырып берген алтын таналар да жаныңызда!
9 Жаратқан Ийениң руўханийлери болған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди қуўып жиберген сизлер емес пе? Олардың орнына басқа халықлардың дәстүрине сай, әпиўайы адамлардан руўханийлерди қойып алған жоқсыз ба? Аўа, бағышланыў рәсимине бир буға ямаса жети қошқар алып келген ҳәр бир адам жалған қудайларға руўханий бола алады-дә!
10 Ал бизлерге келсек, Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз! Бизлер Оннан жүз бурмадық. Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған руўханийлер де Харон урпағынан болып, лебийлилер оларға жәрдем бермекте.
11 Олар ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар береди, хош ийисли түтеткилер түтетеди, арнаўлы столға усынылған нанлар қояды, ҳәр күни кеште алтын ҳәстедеги шыраларды жағады. Аўа, бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап жүрмиз. Ал сизлер болсаңыз, Оны тәрк еттиңиз.
12 Қудай бизлер менен бирге, Ол бизлердиң жолбасшымыз. Оның руўханийлери кәрнайлар шалып, сизлерге қарсы урысқа шақырады. Израил урпақлары, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы урыспаңлар! Бәри бир жеңиске ериспейсиз».
13 Сол арада Яробам әскерлериниң бир бөлегин Яҳуда әскерлериниң артқы тәрепине буққы қойыў ушын жиберген еди. Әскерлердиң тийкарғы бөлими Яҳуда әскерлериниң алдында турды, ал буққыдағылар артқы тәрепинде еди.
14 Яҳуда әскерлери бурылып, өзлерине алдыдан да арттан да ҳүжим жасамақшы болып турғанларды көргенде, Жаратқан Ийеге жалбарынды. Ал руўханийлер кәрнайларын шалды.
15 Яҳуда әскерлери сүрен салып бақырысты. Олар бақырысқанда, Қудай Яробамды ҳәм израиллыларды Абия менен Яҳуда алдында қырғынға ушыратты.
16 Израиллылар яҳудалылардың алдына түсип қашты ҳәм Қудай оларды яҳудалыларға тәслим етти.
17 Абия ҳәм оның әскерлери израиллыларға аўыр соққы берди. Израиллылардың бес жүз мың ағла әскери қаза тапты.
18 Солай етип израиллылар жеңилиске ушырады. Ал яҳудалылар ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге сүйенгени ушын жеңиске еристи.
19 Абия Яробамды қуўып кетип, оған тийисли Бейт-Эл, Ешана, Эфрон қалаларын ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды қолға киргизди.
20 робам Абия дәўиринде өзиниң бурынғы қүдиретин тиклей алмады. Жаратқан Ийе оның жанын алды ҳәм ол қайтыс болды.
21 Ал Абияның ҳүкимдарлығы күшейе берди. Ол он төрт ҳаял алып, олардан жигирма еки ул ҳәм он алты қызлы болды.
22 Абияның басқа ислери, ислеген ислери ҳәм айтқанлары Иддо пайғамбардың түсиндирме китабында жазылған.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16