2 Жылнама 10 bob

Израиллылардың Рехабамға қарсы көтерилиўи(1-19). 

1 Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди.
2 Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, Мысырдан қайтты.
3 Израиллылар Яробамды шақыртты. Яробам пүткил израиллылар менен бирге Рехабамға келип:
4 – Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5 Рехабам оларға: – Үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6 Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7 Ақсақаллар оған: – Егер сиз бул халыққа жыллы шырай көрсетип, кеўлин алып, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8 еген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жаслар менен кеңесип,
9 олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10 Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ.
11 Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12 Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди.
13 Патша ақсақаллардың кеңесине қулақ аспай, оларға қатал жуўап берди.
14 Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен оны және де аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди.
15 Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийениң шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлери орынланыўы ушын Қудай усылай иследи.
16 Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди: «Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар, Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ. Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар! Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!» Усыларды айтып, израиллылар ҳәммеси өз үйлерине қайтып кетти.
17 Бирақ Рехабам Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға патшалық етиўин даўам етти.
18 Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Ҳадорамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти.
19 Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16