1 Жылнама 4 bob

Яҳуданың урпағы(1-23). Шимонның урпағы(24-43).

1 Яҳуданың урпақлары: Перес, Хесрон, Кармий, Хур ҳәм Шобал.
2 Шобалдың улы Реая Яхаттың әкеси еди. Яхат Ахумай менен Лаҳадтың әкеси еди. Булар Сора турғынларының тийрелери еди.
3 Изреел, Ишма, Идбаш ҳәм олардың қарындасы Ҳаселелпонийдиң әкеси Этамның тийкарын салған еди.
4 Пенуел Гедордың ҳәм Эзер Хушаның тийкарын салған еди. Булар Бейтлеҳемниң тийкарын салыўшылар ҳәм Эфратаның туңғыш улы Хурдың урпақлары еди.
5 Теқоа қаласының тийкарын салған Ашхурдың Хела ҳәм Наара деген еки ҳаялы бар еди.
6 Наара Ашхурға Ахуззам, Хефер, Темени ҳәм Ахаштарийди туўып берди. Булар Наараның уллары еди.
7 Ашхурдың Хеладан туўылған уллары: Серет, Сохар, Этнан
8 ҳәм Қос. Қос Ануб пенен Ҳассобебаның әкеси ҳәм Ҳарум улы Ахархел тийрелериниң түп бабасы еди.
9 Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес қойған еди.
10 Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес қойған еди.
11 Шуханың туўысқаны Келуб Мехирдиң әкеси, Мехир Эштонның әкеси еди.
12 Эштоннан Бейт-Рафа, Пасеах ҳәм Техинна туўылды. Техинна Ир- Нахаштың тийкарын салды. Булар бурын Рехада жасайтуғын еди.
13 Кеназдың уллары: Отниел ҳәм Серая. Отниелдиң уллары: Хатат ҳәм Меонотай.
14 Меонотай Офраның әкеси еди. Серая Ге-Харашимның тийкарын салған Иоабтың әкеси еди. Булай аталыўының себеби, сол жердиң турғынлары өнерментшилик пенен шуғылланатуғын еди.
15 Ефунне улы Калебтиң уллары: Иру, Эла ҳәм Наам. Эланың улы: Кеназ.
16 Еҳаллелелдиң уллары: Зиф, Зифа, Тирия ҳәм Асарел.
17 Эзраның уллары: Етер, Меред, Эфер, Ялон. Меред фараонның қызы Битеаға үйленип, ол Мередке Мәриямды, Шаммайды ҳәм Эштемоаның тийкарын салған Ишбахты туўып берди.
18 Меред және яҳудалы қызға үйленди. Бул ҳаялы оған Гедордың тийкарын салған Ередти, Сохоның тийкарын салған Хеберди ҳәм Заноахтың тийкарын салған Еқутиелди туўып берди.
19 Ҳодия Нахамның қарындасына үйленди. Оннан туўылған уллар Кеилада жасайтуғын Гарм тийресиниң ҳәм Эштемоада жасайтуғын Мааха тийресиниң түп бабасы еди.
20 Шимонның уллары: Амнон, Ринна, Бен-Ханан ҳәм Тилон. Ишийдиң урпақлары: Зохет ҳәм Бен-Зохет.
21 Яҳуданың улы Шеланың уллары: Леханың тийкарын салған Эр, Марешаның тийкарын салған Лаада, Бейт-Ашбеадағы ҳасыл зығыр тоқыўшылардың әўладлары,
22 Иоким, Козеба турғынлары, Моаб пенен Яшубий-Лехемди басқарған Иоаш пенен Сараф. Бул мағлыўматлар әййемги жазбалардан алынған.
23 Олар Нетаим ҳәм Гедерада жасайтуғын ҳәм гүлалшылық етип, патша ушын хызмет ететуғын еди.
24 Шимонның урпақлары: Немуел, Ямин, Яриб, Зерах ҳәм Шаул.
25 Шаулдан Шаллум, Шаллумнан Мибсам, Мибсамнан Мишма туўылды.
26 Мишманың урпақлары: Мишмадан Хаммуел, Хаммуелден Заккур, Заккурдан Шимей туўылды.
27 Шимейдиң он алты улы, алты қызы бар еди. Бирақ оның туўысқанларының перзентлери аз болғанлықтан, олардың урыўы Яҳуда урыўындай үлкен болмады.
28 Шимонның урпақлары Беер-Шеба, Молада, Хасар-Шуал,
29 Билҳа, Эсем, Толад,
30 Бетуел, Хорма, Сиклаг,
31 Бейт- Маркабот, Хасар-Сусим, Бейт-Бирий ҳәм Шаарайым қалаларында жасады. Даўыттың патшалығына дейин усы қалалар Шимонның урпақларына тийисли болды.
32 Олардың әўладлары Этам, Айын, Риммон, Тохен ҳәм Ашан атлы бес қалада да жасады.
33 Баалға дейин созылған бул қалалардың дөгерегиндеги барлық аўыллар да оларға тийисли болды. Олар сол жерлерде жасап, өзлериниң шежиресин жазып барды.
34 Шимонның басқа урпақлары: Мешобаб, Ямлех, Амасия улы Иоша,
35 Иоел, Асиелдиң шаўлығы Сераяның ақлығы Иошибияның улы Еҳу,
36 Элйоенай, Яақоба, Ешохая, Асая, Адиел, Есимиел, Беная
37 ҳәм Шемаяның жаўлығы Шимрийдиң қуўлығы Едаяның шаўлығы Аллонның ақлығы Шифий улы Зиза.
38 Жоқарыда аты аталғанлардың ҳәр бири тийре басшылары еди. Олардың нәсиллери көбейип, кеңнен тарады.
39 Олар малларына жайлаў излеп, Гедордың жанына, ойпатлықтың шығысына дейин барды.
40 Ол жерде мол ҳәм жақсы жайлаўлар болып, үлке кең, тыныш ҳәм қәўипсиз еди. Бурын ол жерде Хамның урпақларының айырымлары жасаған еди.
41 Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде, жоқарыда аты аталған Шимон урпақлары Хам урпақларына ҳәм сол жерде жасап атырған Меуним урпақларына ҳүжим жасап, оларды толық қырып таслады. Соңынан өзлери сол жерге жайласып алды, олар бүгин де сол жерде жасайды. Себеби ол жерде сүриўлери ушын жайлаў бар еди.
42 Кейин Ишийдиң уллары Пелатия, Неария, Рефая ҳәм Уззиел басшылығында Шимонның урпағынан бес жүз адам таўлы Сеир үлкесине барып,
43 Амалек нәсилинен аман қалғанларды қырып таслады. Шимон урпақлары бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16