1 Жылнама 25 bob

Жыршылар(1-31).

1 Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхланып қосық айтыў ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў:
2 Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди.
3 Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития – жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийени тәрийиплейтуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди.
4 Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Иошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот.
5 Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди.
6 Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды.
7 Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди.
8 Олар үлкен-киши, устаз- шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады.
9 Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
10 Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
11 Төртинши шек Исрийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
12 Бесинши шек Нетанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
13 Алтыншы шек Буккияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
14 Жетинши шек Есарелаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
15 Сегизинши шек Ийшаяға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
16 Тоғызыншы шек Маттанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
17 Оныншы шек Шимейге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
18 Он биринши шек Азарелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
19 Он екинши шек Хашабияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
20 Он үшинши шек Шубаелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
21 Он төртинши шек Маттитияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
22 Он бесинши шек Еремотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
23 Он алтыншы шек Хананияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
24 Он жетинши шек Иошбеқашаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
25 Он сегизинши шек Хананийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
26 Он тоғызыншы шек Маллотийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
27 Жигирмаланшы шек Элиатаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
28 Жигирма биринши шек Ҳотирге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
29 Жигирма екинши шек Гиддалтийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
30 Жигирма үшинши шек Махазиотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
31 Жигирма төртинши шек Ромамтий-Эзерге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16