1 Жылнама 12 bob

Даўыттың Сиклагтағы жәрдемшилери(1-22). Даўыттың Хеброндағы ордасы(23-40). 

1 Даўыт Киш улы Шаулдан қашып, Сиклагта жасап жүрген ўақытлары, айырым әскерлер келип, оған қосылды. Урысларда Даўытқа жәрдем берген бул жаўынгерлер
2 Бенямин урыўынан, Шаулдың ағайинлеринен еди. Бул садақшылар оқ жай менен қуралланған болып, оң қолы менен де, шеп қолы менен де оқ жай тартып, сақпанда тас ататуғын еди.
3 Олардың басшысы гибалы Шеманың улы Ахиезер болып, иниси Иоаш оның жәрдемшиси еди. Басқа жаўынгерлер: Азмаўеттиң уллары Езиел ҳәм Пелет, сондай-ақ, Бераха ҳәм анатотлы Еҳу,
4 отыз батырдың биреўи, яғный олардың басшысы гибонлы Ишмая, сондай-ақ, Еремия, Яхазиел, Юханан, гедералы Иозабад,
5 Элузай, Еримот, Беалия, Шемария, харуфлы Шефатия,
6 Қорахтың урпағынан болған Элқана, Ишшия, Азарел, Иоезер, Яшобам,
7 гедорлы Ерохамның уллары Иоела ҳәм Зебадия.
8 Даўыт шөлдеги қорғанда болғанда, гадлылардың биразы оған қосылды. Олар урысқа таяр мәрт жаўынгерлер болып, қалқан ҳәм найзаны ислете алатуғын еди. Олардың жүзлери арысландай айбатлы, өзлери таўлардағы кийик киби шаққан еди.
9 Олардың басшысы Эзер еди. Екиншиси Обадия, үшиншиси Элиаб,
10 төртиншиси Мишманна, бесиншиси Еремия,
11 алтыншысы Аттай, жетиншиси Элиел,
12 сегизиншиси Юханан, тоғызыншысы Элзабад,
13 оныншысы Еремия, он бириншиси Махбаннай еди.
14 Усы гадлылар орда әскербасылары еди. Олардың ең ҳәлсизлери жүз адамға, ең күшлилери мың адамға бас келетуғын еди.
15 Биринши айда, Иордан толып тасып турған ўақытта, олар арғы жағаға кесип өтип, ойпатлықтың шығыс ҳәм батыс тәрепинде жасап атырғанлардың ҳәммесин бас саўғалап қашыўға мәжбүр етти
16 Бенямин ҳәм Яҳуда урыўларындағы базы адамлар да Даўыттың жанына, қорғанға келди.
17 Даўыт оларды күтип алыўға шықты ҳәм оларға былай деди: «Егер маған жәрдем бериў ушын жақсы нийет пенен келген болсаңыз, қатарымызға қосылыўыңызға ыразыман. Ал егер ҳеш кимге зорлық ислемеген болсам да, мени душпанларыма услап бериўге келген болсаңыз, онда ата-бабаларымыздың Қудайы буны көрип, ҳүким етсин».
18 Сонда кейинирек отыз батырдың сәрдары болған Амасайдың үстине Қудайдың Руўхы түсип, ол былай деди: «Даўыт, бизлер сизикимиз! Ишай улы, сиз бенен биргемиз! Тынышлық ҳәм аманлық сизге яр болсын! Сизге жәрдем берип атырғанларға да аманлық болсын! Себеби сизди қоллап турған – Қудайыңыздың Өзи». Даўыт оларды жақсы қабыл етти ҳәм өзиниң басқыншылар топарларына басшылар етип қойды.
19 Даўыт филистлер менен бирге Шаулға қарсы урысыў ушын барғанда, Менашше урыўының базы адамлары Даўыттың тәрепине өткен еди. Деген менен, сол урыста Даўыт ҳәм оның адамлары филистлерге жәрдем бермеди. Өйткени филист ҳүкимдарлары кеңесип: «Даўыт мырзасы Шаул тәрепке өтип кетип, басымыздан айырылармыз», – деп, оны кейин қайтарған еди.
20 Даўыт Сиклагқа қайтып кетип баратырғанда, Менашше урыўынан оның тәрепине өткенлер мыналар еди: Аднах, Иозабад, Едиаел, Михаил, Иозабад, Элиҳу ҳәм Силлетай. Булардың барлығы менашшелилердиң мыңбасылары еди.
21 Олар мәрт жаўынгерлер болып, Даўыттың ордасында ләшкербасылық хызметин атқарды ҳәм қарақшылар топарына қарсы гүресиўде Даўытқа жәрдем берди.
22 Даўытқа жәрдем бериў ушын ҳәр күни адамлар келип қосылатуғын еди. Нәтийжеде, Даўыт Қудайдың ләшкерлери сыяқлы үлкен ҳәм күшли ордаға ийе болды.
23 Жаратқан Ийениң берген ўәдеси бойынша, Шаулдың патшалығын Даўытқа бериў ушын Хебронға, Даўыттың жанына келген ләшкерлер саны мынадай еди:
24 Яҳуда урыўынан: урысқа таяр, қалқан ҳәм найза менен қуралланған алты мың сегиз жүз адам.
25 Шимон урыўынан: урысқа таяр, жети мың бир жүз мәрт жаўынгер.
26 Лебий урыўынан: төрт мың алты жүз адам.
27 Харон нәсилиниң басшысы Еҳояда ҳәм оның менен бирге болғанлар үш мың жети жүз адам.
28 Жас ҳәм мәрт жаўынгер Садоқ ҳәм оның тийресинен жигирма еки әскербасы.
29 Шаулдың урыўласлары болған Бенямин урыўынан: үш мың адам. Беняминлилердиң көпшилиги сол ўақытқа дейин Шаулдың шаңарағына садық болып қалды.
30 Эфрайым урыўынан: өз әўлады арасында атағы шыққан жигирма мың сегиз жүз мәрт жаўынгер.
31 Даўытты патша етип қойыў ушын, Менашше урыўының ярымынан арнаўлы түрде шақырылғанлар он сегиз мың адам.
32 Иссахар урыўынан: дәўир талабын түсинетуғын, Израилдың не ислеў кереклигин билетуғын еки жүз ләшкербасы ҳәм олардың қол астындағы адамлар.
33 Зебулон урыўынан: елиў мың адам. Олар урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған болып, Даўытқа шын жүректен жәрдем бериў ушын келди.
34 Нафталий урыўынан: мың әскербасы ҳәм олар менен бирге қалқан ҳәм найза менен қуралланған отыз жети мың адам.
35 Дан урыўынан: урысқа таяр жигирма сегиз мың алты жүз адам.
36 Ашер урыўынан: урысқа таяр, тәжирийбели қырық мың әскер.
37 Иордан дәрьясының шығысында жасайтуғын Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымынан: урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған бир жүз жигирма мың адам.
38 Булардың ҳәммеси сап тартып, урысқа шығыўға таяр әскерлер еди. Олар қатты қәлеў менен, Даўытты пүткил Израил үстинен патша етип қойыў ушын Хебронға келди. Қалған израиллылар да Даўытты патша етиў нийетинде еди.
39 Хебронға келгенлер Даўыттың жанында үш күн қалды ҳәм туўысқанлары таярлап берген азық-аўқатларды ишип-жеди.
40 Сондай- ақ, Иссахар, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларының алыс аймақларынан да адамлар ешек, түйе, ғашыр ҳәм өгизлерге азық-аўқат тийеп келди. Олар мол етип ун, кептирип нығызланған әнжир менен кишмиш, шарап, зәйтүн майын, ири ҳәм майда малларды көп етип алып келди. Себеби Израилда шадлық ҳүким сүрген еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16