1 Жылнама 1 bob

Адам-атадан Ибрайымға дейинги урпақлар(1-27).Ибрайымның урпақлары(28-33).Эсаўдың урпақлары(34-37).Сеирдиң урпағы(38-42).Эдом патшалары(43-54).

1 Адам, Шет, Энош,
2 Кенан, Маҳалалел, Еред,
3 Ханох, Метушелах, Ламех ҳәм
4 Нух. Нухтың уллары: Сам, Хам ҳәм Яфет.
5 Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
6 Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
7 Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Роданим.
8 Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Кенаан.
9 Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха. Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
10 Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
11 Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух,
12 патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
13 Кенааннан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды.
14 Сондай-ақ, ебус, амор, гиргаш,
15 хиў, арқ, син,
16 арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Кенааннан келип шықты.
17 Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд, Арам, Ус, Хул, Гетер ҳәм Мешех.
18 Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
19 Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.
20 Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах,
21 Ҳадорам, Узал, Дикла,
22 Эбал, Абимаел, Шеба,
23 Офир, Хаўила, Иобаб туўылды. Булардың ҳәммеси Иоқтанның урпақлары еди.
24 Сам, Арпахшад, Шелах,
25 Эбер, Пелег, Реу,
26 Серуг, Нахор, Терах,
27 Ибрам, яғный Ибрайым.
28 Ибрайымның уллары: Ысақ ҳәм Исмайыл.
29 Олардың шежиреси мынадай: Исмайылдың туңғыш улы Небайот. Оннан кейин, Кедар, Адбеел, Мибсам,
30 Мишма, Дума, Масса, Хадад, Тема,
31 Етур, Нафиш, Кедма. Булар Исмайылдың уллары еди.
32 Ибрайымның тоқалы Қатурадан туўылған уллары мыналар: Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах. Иоқшанның уллары: Шеба ҳәм Дедан.
33 Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Ибрайымның Қатурадан туўылған урпақлары еди.
34 Ысақ Ибрайымның улы еди. Ысақтың уллары: Эсаў ҳәм Израил.
35 Эсаўдың уллары: Элифаз, Реуел, Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
36 Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам, Кеназ ҳәм Тимнадан туўылған Амалек.
37 Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза.
38 Сеирдиң уллары: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, Дишон, Эсер ҳәм Дишан.
39 Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳомам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
40 Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефий ҳәм Онам. Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана.
41 Ананың улы: Дишон. Дишонның уллары: Хамран, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
42 Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Яақан. Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
43 Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти: Беор улы Бела. Оның қаласының аты Динҳаба еди.
44 Бела өлгеннен кейин, орнына Босра қаласынан болған Зерах улы Иобаб патша болды.
45 Иобаб өлгеннен кейин, теманлылардың жеринен келген Хушам патша болды
46 Хушам өлгеннен кейин, Моаб жеринде мидянлыларды қыйратқан Бедад улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
47 Ҳадад өлгеннен кейин, орнына масреқалы Самла патша болды.
48 Самла өлгеннен соң, орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
49 Шаул өлгеннен соң, орнына Ахбор улы Баал-Ханан патша болды.
50 Баал-Ханан өлгеннен соң, орнына Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Пау еди. Ҳададтың ҳаялы Меҳетабел Мезаҳабтың ақлығы Матредтиң қызы еди.
51 Соңынан Ҳадад та өлди. Эдом бийлери мыналар: Тимна, Алўа, Етет,
52 Оҳолибама, Эла, Пинон,
53 Кеназ, Теман, Мибсар,
54 Магдиел ҳәм Ирам. Эдом бийлери усылар еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16