4 Патшалар 10 bob
1 Самарияда Ахабтың жетпис улы бар еди. Сол себепли Еҳу хат жазып, оны Самариядағы Изреел басшыларына, ақсақалларға ҳәм Ахабтың улларының тәрбияшыларына жиберди. Онда былай деп жазылған еди:
2 «Мырзаңыздың уллары сизлер менен бирге. Сизлерде саўаш арбалары, атлар, қурал-жарақлар бар ҳәм сизлер қорғанлы қалада жасайсыз. Сонлықтан бул хат сизлерге жетип барыўдан,
3 өз ҳүкимдарыңыздың улларынан ең жақсысын ҳәм ең ылайықлысын сайлап, оны әкесиниң тахтына отырғызың ҳәм ҳүкимдарыңыздың үй-иши ушын гүресиң».
4 Бирақ олар қатты қорқып кетип: «Еҳуға еки патша бас келе алмағанда, бизлер қалай бас келе аламыз?» – дести.
5 Кейин сарай басқарыўшысы, қала ҳәкими, ақсақаллар ҳәм Ахабтың улларын тәрбиялаўшылар Еҳуға мына хабарды жиберди: «Бизлер сизиң қулларыңбыз, не буйырсаңыз, соны ислеймиз. Бизлер ҳеш кимди патша етип қоймаймыз, өзиңизге не мақул болса, соны ислең».
6 Еҳу оларға екинши рет мына мазмунда хат жазды: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз ҳәм мениң сөзиме бойсынсаңыз, онда өз ҳүкимдарыңыздың улларының басын алып, ертең усы ўақытта Изреелге, мениң алдыма келиңлер». Патшаның жетпис улы болып, оларды қаланың ҳүрметли адамлары тәрбиялап атырған еди.
7 Хат оларға жетип келгенде, олар патшаның жетпис улын өлтирип, басларын себетке салды ҳәм Изреелге, Еҳуға жиберди.
8 Хабаршы келип, Еҳуға: «Патшаның улларының басларын алып келди», – деп билдиргенде, Еҳу оған: «Оларды еки үйиншик етип, қала дәрўазасының кирер аўзына қойың, азанға дейин сол жерде турсын», – деди.
9 Ертеңине азанда Еҳу сыртқа шығып, пүткил халыққа былай деди: «Сизлердиң айыбыңыз жоқ. Ҳүкимдарыма қарсы мен бас көтердим ҳәм оны мен өлтирдим. Ал мыналардың бәрин ким өлтирди?
10 Енди билип қойыңлар, Жаратқан Ийениң Ахабтың үй-ишине қарсы айтқан сөзлериниң бирде биреўи орынланбай қалмайды. Жаратқан Ийе Өз қулы Илияс арқалы айтқанларын жүзеге асырды».
11 Еҳу Изреелде Ахабтың үй-ишинен қалған адамлардың ҳәммесин, ўәзирлерин, жақынларын, руўханийлерин өлтирди. Оның бирде бир адамын тири қалдырмады.
12 Соңынан Еҳу Самарияға қарай жолға шықты. Жолда шопанларға тийисли болған Бейт-Экед деген жерден өтип баратырып,
13 Яҳуда патшасы Ахазияның туўысқанларын ушыратты. Олардан: «Сизлер кимсизлер?» – деп сорады. Олар: «Бизлер Ахазияның туўысқанларымыз. Патшаның ҳәм ханбийке Изабелдиң улларынан хабар алыўға баратырмыз», – деди.
14 Еҳу адамларына: «Буларды тирилей услап алыңлар», – деди. Оларды тирилей услап алып, Бейт-Экед суў сақлағышының жанында қылыштан өткизди. Олар қырық еки адам еди. Олардан бирде бири аман қалмады.
15 Еҳу сол жерден кеткеннен соң, өзин күтип алыўға киятырған Рехаб улы Ионадабты ушыратты ҳәм оның менен сәлемлесип атырып: – Мениң саған деген нийетим қалыс болғаны сыяқлы, сениң де маған деген нийетиң қалыс па? – деди. Ионадаб оған: – Аўа, – деди. Еҳу: – Онда қолыңды бер, – деди. Ионадаб қолын созды. Еҳу оны арбасына мингизип:
16 – Мениң менен бирге жүр ҳәм мениң Жаратқан Ийе ушын қаншелли жан күйдиретуғынымды көр, – деди де, оны арбасына мингизип алып кетти.
17 Соңынан Еҳу Самарияға барды ҳәм Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзлери бойынша Ахабтың Самарияда қалған барлық адамларын түп-тамыры менен жоқ қылды.
18 Еҳу пүткил халықты жыйнап, оларға былай деди: «Ахаб Баалға аз хызмет етти, ал мен оған көбирек хызмет етежақпан.
19 Баалдың барлық пайғамбарларын, руўханийлерин ҳәм оған табынатуғынлардың ҳәммесин мениң алдыма шақырыңлар, ҳеш ким келмей қалмасын. Себеби Баалға арнап уллы бир қурбанлық бережақпан. Ким де ким келмей қалса, ол өлтириледи». Еҳу бул жерде Баалға табынатуғынларды жоқ қылыў ушын ҳийле ислеткен еди.
20 Соңынан Еҳу: «Баалға арнап салтанатлы жыйналыс қылың», – деди. Жыйын жәрияланды.
21 Еҳу пүткил Израилға хабаршылар жиберди ҳәм Баалға табынатуғынлардың ҳәммеси келди, бирде бир адам келмей қалмады. Олар Баалдың бутханасына кирди, бутхана аўзына дейин лыққа толды.
22 Еҳу мухаддес кийимлерди қорғайтуғын адамға: «Баалға табынатуғынлардың ҳәммесине кийим әкелип бер», – деди. Ол оларға кийим әкелип берди.
23 Еҳу Рехаб улы Ионадаб пенен Баалдың бутханасына кирип, Баалға табынатуғынларға: «Әтирапыңызға жақсылап қараң, араңызда Жаратқан Ийеге сыйынатуғынлардан ҳеш ким болмасын, бул жерде тек Баалға табынатуғынлар болсын», – деди.
24 Соңынан Еҳу ҳәм Ионадаб жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм басқа қурбанлықларды бериўди баслады. Еҳу бутхананың сыртына сексен адамды қойып, оларға былай деп ескерткен еди: «Қолыңызға берген адамлардан биреўи қашып кетсе, жаныңыз бенен төлейсиз».
25 Жандырылатуғын қурбанлық бериў жуўмақланғанда, Еҳу сақшыларға ҳәм әскербасыларға: «Ишке кирип, оларды өлтириң, бирде биреўи қашып кетпесин», – деди. Олар ҳәммени қылыштан өткизип, денелерин сыртқа ылақтырды. Кейин Баалдың бутханасының ишки бөлмесине кирди.
26 Бутханадан Баалға арналған кийели тасларды алып шығып, оларды өртеп жиберди.
27 Олар Баалға арналған кийели тасты да, Баалдың бутханасын да бузып таслады. Халық ол жерди ҳәзирги күнге шекем ҳәжетхана ретинде пайдаланып келмекте.
28 Солай етип, Еҳу Израилдағы Баалға табыныўшылықты жоқ қылды.
29 Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан, яғный Бейт-Эл ҳәм Дандағы алтын таналарға табыныўдан бас кешпеди.
30 Жаратқан Ийе Еҳуға: «Мениң нәзеримде туўры болған ислерди ислегениң, Ахабтың үй-ишине Мениң жүрегимде болған ҳәмме нәрсени ислегениң ушын, сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деди.
31 Бирақ Еҳу Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң нызамы бойынша жүриўге шын жүректен ҳәрекет етпеди. Ол Израилды гүнаға баслаған Яробамның гүналарынан ўаз кешпеди.
32 Сол күнлери Жаратқан Ийе Израил жерлерин бөлеклеп, қысқарта баслады. Арам патшасы Хазаел барлық Израил аймақларында израиллыларды жеңип барды.
33 Ол Иордан дәрьясының шығысындағы Гад, Рубен ҳәм Менашше урыўларына тийисли болған пүткил Гилад жерин, Арнон сайының бойындағы Ароерден Гиладқа ҳәм Башанға дейинги жерлерди басып алды.
34 Еҳудың қалған ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер, оның ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
35 Еҳу өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияда жерледи. Оның орнына улы Еҳоахаз патша болды.
36 Еҳу Самарияда Израил үстинен жигирма сегиз жыл патшалық еткен еди.