2 Патшалар 1 bob

Даўыттың Шаулдың өлими туўралы еситиўи (1-16). аўыттың Шаул ҳәм Ионатан ушын айтқан жоқлаўы (17-27).

1 Шаул патша қаза тапқан еди. Сол арада Даўыт амалеклер үстинен жеңиске ерисип, Сиклаг қаласына қайтып келди ҳәм ол жерде еки күн қалды.
2 Үшинши күни Шаулдың ордасынан қайғысының белгиси ретинде кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан бир адам келди. Ол Даўытқа жақынласқаннан жерге жығылып, оған тәжим етти.
3 Даўыт оннан: – Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Сол адам Даўытқа: – Израил ордасынан қашып қутылдым, – деп жуўап берди.
4 Даўыт оған: – Не болды? Маған айтып бер, – деди. Сол адам Даўытқа: – Әскерлер саўаш майданынан қашып кетти. Олардың көпшилиги қырылып қалды. Солардың ишинде Шаул менен оның улы Ионатан да өлди, – деди.
5 Сонда Даўыт хабаршы жигиттен: – Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның өлгенин қаяқтан билесең? – деп сорады.
6 Жигит Даўытқа былай деп жуўап берди: – Тосаттан Гилбоа таўына барып қалдым. Қарасам, ол жерде Шаул найзасына сүйенип турған екен. Ал душпанның саўаш арбалары менен арбакешлери болса, оған жақынласып киятырған екен.
7 Сонда Шаул артына бурылып, мени көрип қалды да, қасына шақырды. Мен оған: «Ләббәй», – дедим.
8 Ол меннен: «Сен кимсең?» – деп сорады. Мен оған: «Мен бир амалекпен», – деп жуўап бердим.
9 Шаул маған: «Берман келип, мени өлтир. Себеби жаным шықпай, қыйналып атырман», – деди.
10 Мен жанына барып, оны өлтирдим. Өйткени аўыр жарақатланып қулағаннан кейин, тири қалмайтуғынын билген едим. Мен оның басындағы тажы менен қолына тағылған шынжырын алдым ҳәм оларды усы жерге, мырзам, сизге алып келдим.
11 Буны еситкен Даўыт ҳәм оның жанындағылар қайғыдан кийимлерин жыртты.
12 Олар қылыштан қаза тапқан Шаул, оның улы Ионатан ҳәм Жаратқан Ийениң халқы болған израиллылар ушын кешке шекем жоқлаў айтып жылап, ораза тутты.
13 Даўыт өзине хабар алып келген жигиттен: – Қай жерлисең? – деп сорады. Жигит оған: – Мен бир келгинди амалектиң улыман, – деп жуўап берди.
14 Сонда Даўыт оған: – Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оны өлтириўге қорқпадың ба? – деди.
15 Соңынан Даўыт адамларынан бирин шақырып: «Бар, оны өлтир!» – деп буйырды. Солай етип, сол адам амалек жигитти өлтирди.
16 Даўыт амалек жигитке: «Өз басыңа өзиң жеттиң. Өйткени: „Жаратқан Ийениң майлаған адамын мен өлтирдим“, – деп өзиңе қарсы өз аўзың менен гүўалық бердиң», – деди.
17 Даўыт Шаул ҳәм оның улы Ионатан ушын жоқлаў айтты.
18 Соңынан бул жыр Яҳуда халқына үйретилсин деп буйырды. «Оқ жай» деп аталған усы жыр Яшар китабында жазылған:
19 «Ҳәй Израил! Бийик төбешиклерде жоқ болды салтанатың! Қалай жерге қулады батырларың?!
20 Бул хабарды Гатқа еситтирмең, Ашкелон көшелеринде жайып жүрмең. Еситип, филист қызлары қуўанбасын, Сүннетсизлердиң қызлары шадланбасын.
21 Ҳәй, Гилбоа таўлары, Үстиңизге шық түсип, жаўын жаўмасын, Жерлериң өним де бермесин. Себеби батырлардың қалқаны, Енди қайтып зәйтүн майы менен майланбайтуғын Шаулдың қалқаны, Сол жерде қулатылды.
22 Өлгенлердиң қанысыз, батырлардың тәнисиз, Ионатанның оқ жайы кери қайтпас еди, Шаулдың қылышы ҳеш бос қайтпас еди.
23 Шаул менен Ионатан сүйкимли ҳәм жағымлы еди, Өмирде де, өлимде де бирге болды олар. Олар бүркитлерден де шаққанырақ, арысланлардан да күшлирек еди.
24 Ҳәй, Израил қызлары! Сизлерге безелген қырмызы кийимлер кийгизген, Кийимиңизди алтын безениў буйымлары менен безеген Шаул ушын жылаңлар!
25 Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар саўашта! Бийиклигиңде жатыр өли Ионатан.
26 Сениң ушын қайғыраман, туўысқаным Ионатан, Мен ушын сен жүдә қәдирли едиң, Сүйиспеншилигиң мен ушын, Артық еди ҳаял муҳаббатынан.
27 Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар! Қалай жоқ болды урыс қураллары!»



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16