1 Ақырзаман ҳаққында. 10 Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары.
Тимофейге жазылған екинши хат 3 bob
1 Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди.
2 Адамлар ѳзин жақсы кѳретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Кудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз,
3 мийримсиз, кекшил, жалахор, ѳзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны,
4 сатқын, қызба ҳєм шыррық болады. Олар Кудайдан гѳре, кєйип-сапаны кѳбирек жақсы кѳреди.
5 Ѳзлерин Кудайдың жолы менен жүрген қылып кѳрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тєн алмайды. Бундайлардан аўлақ бол.
6 Ѳйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳєм ҳєр түрли жаман ҳєўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди.
7 Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бєрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды.
8 Янис ҳєм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳєм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар.
9 Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳєм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳєммеге єшкара болады.
10 Ал сен мениң тєлийматымды, ѳмир тєризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳєм турақлылығымды ѳрнек туттың.
11 Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳєм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳєммесинен қутқарды.
12 Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайдың жолы менен жасаўды қєлеўшилердиң ҳєммеси де қуўдаланады.
13 Бирақ, жаман ҳєм жалатай адамлар алдап ҳєм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди.
14 Ал сен ѳзиң үйренген ҳєм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Ѳйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең.
15 Жєне де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады.
16 Мухаддес Жазыўлардың ҳєммеси Кудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тєлим бериў, єшкаралаў, дүзетиў ҳєм ҳақыйқатлық бойынша тєрбиялаў ушын пайдалы.
17 Олар тийкарында Кудайдың адамы ҳєр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.